Ҳәзирги ўақытта республикамыздың қала ҳәм районларын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған мәжилис болып өтпекте.
Усындай мәжилис Тақыятас, Хожели, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай, Кегейли ҳәм Бозатаў районларында болып өтти.
Онда тийисли министрликлер, комитетлер, басқармалардың басшылары ҳәм районлық мәкемелер менен шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.
Мәжилислерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.
Атап өтилгениндей, 2022-жылы өткерилген мәжилисте мәмлекетлик бағдарламалар, берилген тапсырмалардың орынланыўында жол қойылған қәте-кемшиликлер ушын бир қатар лаўазымлы шахсларға интизамый жаза шарасы қолланылған еди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, халқымыздың жасаў шараятын жақсылаў, “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында халық ийгилиги ушын әмелге асырылып атырған жумысларды биргеликте алып барыў зәрүрлиги атап өтилди.
Бүгинги күнде өткен жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилгенлерден Хожели районында 24 тапсырманың 20 тапсырмасы, Нөкис районында 17 тапсырманың 14 тапсырмасы, Тахтакөпир районында 22 тапсырманың 18 тапсырмасы, Шымбай районында 15 тапсырманың 11 тапсырмасы, Кегейли районында 29 тапсырманың 26 тапсырмасы, Бозатаў районында 25 тапсырманың 19 тапсырмасы орынланған. Айырым тапсырмалардың орынланыўы ақырына жеткерилмеген.
Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен аймақларда жасаўшы пуқаралардың дәраматын арттырыў мақсетинде ажыратылыўы тийис болған жеңиллетилген кредитлердиң өз мәнзилине жетип барыўы толық тәмийинленбеген. Ал, “шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден қарыздарлықлар жүзеге келген. Президентимиздиң 2022-жыл 25-июлдеги “Мәҳәллелерде санаат, өнерментшилик ҳәм шарўашылық миниорайларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, пуқаралар жыйынларында санаат, өнерментшилик ҳәм шарўашылық бағдарындағы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға шараятлар жаратыў, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўын жолға қойыў, кәмбағаллықтан шығарыў бағдарында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылған.
Өткерилген мәжилислерде өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын айырым район ҳәкимлериниң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарына, “мәҳәлле кесиминде” ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў орайы баслықларына интизамый жаза шарасы қолланылды.
Мәжилислерде атап өтилген кемшиликлерден тийисли жуўмақ шығарыў, районларды раўажландырыў бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги