Бүгинги күнде тийисли тараў басшыларына, депутатларға коммуналлық мәселелерде көплеген мүрәжатлар келип түсип, олардың көпшилиги өз орнында шешимин таўып, бул халқымыз турмысының жақсыланыўы ушын хызмет етпекте.
37-санлы «Сүўенли» сайлаў округинен сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Табассум Рўзметоваға Хожели районындағы Пәрўаз мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралардан мүрәжат келип түскен еди. Халықтың усы мүрәжаты бойынша аймақтағы «Дослық» көшесиндеги 2,4,6,69,71-санлы көп қабатлы турақ жайларда жасаўшы турғынлардың турмыслық шығындыларын таслаўы ушын арнаўлы орын таярлаўға әмелий жәрдем сорап районлық «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасына депутатлық сораў жиберилди.
Депутатлық сораў нәтийже берип, арнаўлы техникалар жәрдеминде шығынды таслаў орны ашылып, көше турғынларының мүрәжаты унамлы шешим тапты.
Бул мәселе көп ўақытлардан берли үлкен машқала болып киятырған еди. Депутатымыздың араласыўы менен усы мәселе өз шешимин тапқанына оғада қуўанышлымыз,-дейди көше белсендиси Г.Нурабуллаева. – Машқаламыздың унамлы шешим табыўына жәрдем бергени ушын депутатымыздан ҳәм тийисли тараў басшыларынан миннетдармыз.
Халықтың санитариялық жағдайын жақсылаўда бундай әмелий жумыс ҳәм басламалар үлкен әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги