Өткен 2022-жыл ақырында республиканың ең шетки аймақларынан бири болған Төрткүл районы Қумбасқан аўылында өткерилген көшпели қабыллаўда пуқаралар тәрепинен аймақтағы ишки жолларды оңлаў, электр ҳәм ишимлик суўы тармақларын жетилистириў улыўма айтқанда инфраструктураны жақсылаў бойынша мүрәжатлар билдирилген еди.




Усы билдирилген мүрәжатларға тийкарланып аймақ турғынларының бүгинги турмысынан, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын тәмийинлеў мақсетинде Қумбасқан аўылында кең көлемли жумыслар баслап жиберилди.

Бул баслама тийкарында ең баслысы, пуқараларды жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим табылады. Атап айтқанда, аўылдағы көшелерге асфальт ҳәм қум-щебень (ЩПС) араласпасын төсеў, электр энергиясы тәмийнатын жетилистириў бағдарында тармақ кабельлери ҳәм темир бетон бағаналарды жаңалаў, ишимлик суў жеткерип берилиўин жақсылаў, 50 ге шамалас жәрдемге мүтәж шаңарақтың турақ жайларын шиферлап бериў, үйлерин оңлаў сыяқлы жумыслар әмелге асырылыўы режелестирилди ҳәм дәслепки жумыслар баслап жиберилди.







Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы  қарары шеңберинде Төрткүл районында  33 миллиард 187 миллион сум жойбарлар әмелге асырылады.

Ҳәзирги ўақытта белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша барлық тараў ўәкиллери тәрепинен жумыслар қызғын даўам еттирилмекте.



Қарақалпақстан хабар агентлиги