Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы бойынша қабыл етилген ҳүжжетлердиң мазмун-мəнисин ҳəм əҳмийетин халыққа кеңнен үгит-нəсиятлаў мақсетинде жəрияланған «Әҳмийетли 10 күнлик», сондай-ақ, сайлаўшылардың мүрәжатларын үйрениў ҳәм  «Меҳир ҳәрекети» жойбары шеңберинде қайырқомлық ислерин әмелге асырыў мақсетинде, 53-санлы «Кегейли» сайлаў округинен Жоқарғы Кеңес депутаты Д.Қурбаниязов «Қумшүңгил», «Ақтуба» ҳəм «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйынларындағы бир қатар шаңарақларда болды.

Ушырасыўлар барысында ҳақыйқый жəрдемге мүтəж инсанларға депутаттың шөлкемлестириўи менен исбилерменлер ҳəм қайыр-сақаўатлы инсанлар тəрепинен ажыратылған баҳалы саўғалар берилди.



Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Д.Қурбаниязов өз сайлаўшылары менен де ушырасып, Президентимиз тəрепинен қабыл етилген пəрман ҳəм қарарлардың, мəмлекетлик бағдарламалардың турмысымызда тутқан орны ҳəм əҳмийети бойынша үгит-нəсият жумысларын алып барды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы