Соңғы жылларда исбилерменликти раўажландырыў бағдарында нызамшылықта бир қатар жаңалықлар енгизилип, әмелге асырылып атырған реформалар, ири жойбарлар ҳәм бағдарламалардың нәтийжели әмелге асырылыўы арқасында елимизде исбилерменлик субъектлериниң саны, олардың экономикамыздың раўажланыўына қосып атырған үлеси артып бармақта. Соның ишинде, тараўды раўажландырыў мақсетинде исбилерменлик субъектлерине берилип атырған жеңилликлер, әсиресе, салық уйымлары тәрепинен өткерилип атырған арнаўлы илажларды айрықша атап өтиўимиз керек болады.

Мәмлекетлик салық комитетиниң 2021-жыл 11-январьдағы «Салықшы – исбилерменге көмекши» принципи шеңберинде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылыўы тийис болған «Ҳәрекетлер режеси»н тастыйықлаў ҳаққындағы арнаўлы буйрығы шығарылып, онда бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди.

– Өткен 2022-жылға белгиленген тийкарғы бағдарлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў бөлиминиң Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў секторы тәрепинен «Салықшы – исбилерменге көмекши» принципи тийкарында бир қатар илажлар әмелге асырылды,-дейди усы басқарманың Юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў бөлиминиң баслығы Т.Туреев.

Юридикалық тәреплер бойынша мағлыўматлар базасындағы ислеп атырған ҳәм ислемей турған барлық кәрханалардың дизиминен республикамыз бойынша 12892 кәрхананың дизими қәлиплестирилди.

Жумыс ислеп турған кәрханалар бойынша, олардың дизимнен өткен сәнеси, мүлкшилик түри, ири салық төлеўшилер категориясына киретуғынлығы, товар айланысы, жумысшыларының саны, мийнет ҳақы фонды, есабат тапсырғанлығы, дебитор ҳәм кредиторлары, рентабеллик дәрежеси, пайдасы (зыяны), салықлар ушын бағдарланған қаржысы, салық қарыздарлығы бойынша мағлыўматлары қәлиплестирилди.

Исбилерменлик субъектлеринен жәрдем керек болғанларын анықлаў ушын сегментленип, жәрдем зәрүр болмаған (жасыл), жәрдем керек болыўы мүмкин (сары) ҳәм жәрдем зәрүр (қызыл) болған топарларға критериялары бойынша ажыратылды.

«Жасыл» топарға ири салық төлеўшилер, товар айланысы 100 миллион сумнан көп болғанлар, мәмлекетлик үлеси 50 проценттен көп салық төлеўшилер, министрликлерге қараслы кәрханалар, товар айланысы ҳәм жумысшыларының саны азаймағанлар, соңғы бир жыл ишинде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етпегенлер, рентабеллиги 10 проценттен жоқары болған кәрханалар кирди. Усы критерияларға сәйкес келетуғын салық төлеўшилер тәрепинен жәрдем соралған жағдайлар буған кирмейди.

«Сары» топарға 4007 исбилерменлик субъектиниң дизими қәлиплестирилди. Оларды жағдайы бойынша товар айланысы ҳәм жумысшыларының саны азайған, зыян менен жуўмақлаған, әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен, дебиторлық қарызы бар, салық миннетлемелерин орынлаўда кемшиликлерге жол қойған (инкассо) кәрханалар қурайды.

Ал, «қызыл» топар бойынша дизимге 8885 исбилерменлик субъектлери киргизилди. Оған жаңадан шөлкемлестирилген, есабат тапсырмаған, «ноль»лик есап тапсырған, төлемди әмелге асырмаған, мийнет ҳақы есапламаған, банк айланысын әмелге асырмаған, салық уйымларына бир неше мәрте мүрәжат еткен салық төлеўшилер дизимге алынды.

Жәрдемге мүтәж болған исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын  ҳәм оларды топарларға ажыратып, исбилерменлик субъектлери машқалаларын үйрениў бойынша аймақлық мәмлекетлик салық инспекцияларына мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен тапсырмалар берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Басқарма ҳәм аймақлық мәмлекетлик салық инспекциялары тәрепинен өткен жыл даўамында 59672 жәрдем берилиўи зәрүр болған исбилерменлик субъектлери менен аралықтан турып ҳәм орынларға шыққан ҳалда жеке ушырасыў арқалы салық төлеўшилерге көрсетилетуғын үлги түрдеги хызметлер дизими арқалы исбилерменлик субъектлериниң машқалалары үйренилди.

Соннан, 52268 и салық уйымларына байланыслы мәселелер бойынша, яғный, 5619 жағдайда дәслепки бухгалтериялық жумыслар бойынша түсиниклер бериў, 1536 жағдайда товар-материаллық ресурслар ҳәрекетин аралықтан есапқа алыўдың жаңа системасы – “E-aktiv” AAT бойынша, 1533 жағдайда E-ijara ААТ бойынша, 3043 жағдайда E-imtiyoz ААТ бойынша түсиник бериў ҳәм оннан пайдаланыўға көмеклесиў, 1420 жағдайда жеке есап бетинен нусқа кереклиги, 2291 жағдайда 233 миллиард 371,9 миллион сумлық ҚҚС дан артықша төлемди қайтарыў, 33997 жағдайда 539 миллиард 237,1 миллион сумлық басқа салық түрлеринен артықша төлемлерин қайтарыў ҳәм 2829 жағдайда басқа мәселелер анықланды.

Сондай-ақ, 777 жағдайда басқа мәкеме ҳәм шөлкемлерге байланыслы, яғный, 48 жағдайда жәми 28 миллиард 507,1 миллион сумлық жеңиллетилген кредит зүрүрлиги, 16 жағдайда жер ҳәм имарат алыўдағы, 26 жағдайда газ, электр энергиясы, суў ҳәм канализация бойынша, 687 жағдайда басқа түрдеги машқалалардың бар екенлиги анықланды. Үйрениўлер нәтийжесинде салық уйымларына байланыслы 52268 мәселе өз шешимин тапты.

Сондай-ақ, басқа мәкеме ҳәм шөлкемлерге байланыслы жәми 748 мәселе бойынша әмелий жәрдем берилди.

Жәрдем берилиўи зәрүр болған исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын үйрениў бойынша тийисли жумыслар аймақлық мәмлекетлик салық инспекциялары тәрепинен даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги