Бәршемизге белгили, соңғы жылларда елимизде жынаятшылықтың ерте алдын алыў, жүз бериўи мүмкин болған ҳуқықбузарлық ҳәрекетлерине қарсы гүресиў бағдарында көп ғана зәрүрли нызам ҳүжжетлери, әсиресе, республикамыз ишки ислер уйымларын халық пенен тығыз бирге ислесиўши тараўға айландырыў бағдарында да тийисли норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте. Атап айтқанда, 2023-жылы 20-январь күни Өзбекстан Республикасының Президенти «Ишки ислер уйымларын халықшыл профессионал тараўға айландырыў ҳәм халық пенен буннан былай да жақыннан бирге ислесиўге бағдарлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Президентимиздиң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, ишки ислер уйымларын халықтың исенимли қорғаўшысы сыпатында профессионал тараўға айландырыў, олардың пуқаралар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм кең жәмийетшилик пенен жақыннан бирге ислесиўи, олардың өз ара исенимин тәмийинлеў, мәҳәллелер, халық арасында ҳәм пүткил журтымызда нызам үстемлиги, тынышлық-татыўлықты буннан былай да беккемлеў оғада үлкен әхмийетке ийе.

Усы тийкарда, Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик мәденияты ҳәм хызмет интизамы кодексин тастыйықлаў, тараў хызметкерлерин «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында мәмлекеттиң жоқары руўхый әдеп-икрамлылық пазыйлетлерине ийе, өз ўазыйпасына садық, ўатанды сүйиўши ҳәм халықшыл ўәкил етип тәрбиялаў арқалы халықтың ҳақыйқый разылығына ерисиў, тараў хызметкерлеринде хызмет ўазыйпаларына ҳадал, ҳүжданлы, Ўатаны ҳәм халқы алдындағы ўазыйпасын шын кеўилден сезинген ҳалда, жоқары жуўапкершиликли болыў, жәмийетте қәлиплескен әдеп-икрамлылық нормаларына сөзсиз әмел етиў сезимин қәлиплестириў, ишки ислер уйымларында жүз бериўи мүмкин болған турпайы ис-ҳәрекетлер, хызмет ўазыйпасынан пайдаланыў, коррупция ҳәрекетлериниң ерте алдын алыў, ҳуқық қорғаў органы абыройына кери тәсир етиўши унамсыз жағдайларды жүзеге келтирмеў баслы мақсет етип алынған.

Соның менен бирге, Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген қарары негизинде Ишки ислер министрлиги жоқары ҳәм орта билимлендириў мәкемелериниң курсантлары менен оқыўшыларына ҳәр тәреплеме жеңилликлердиң берилиўи нәзерде тутылған.

Әлбетте, қабыл етилген бул әҳмийетли қарар келешекте ишки ислер уйымларын халық пенен тығыз байланыста бирге ислесиўди тәмийинлейтуғын тараўға айландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Ғуламжан ЭШИМБЕТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, подполковник.