Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине Қанлыкөл районынан сайланған депутатлар М.Шымбергенов ҳәм Қ.Ешмуратовлар «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде район аймағында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақлардың ҳал-жағдайларынан хабар алып, олардың жасаў шараятлары менен танысты ҳәм жәрдем сыпатында 30 үйге ун тарқатылды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында аймақларда инфраструктураны раўажландырыў мақсетинде жойбарлар бағдарламалары бойынша басланған жумыслар менен де танысты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы