Аймақларда шөлкемлестирилип атырған қабыллаўлар халықты қыйнап киятырған әҳмийетли мәселелерди үйрениў ҳәм оларды орнында шешиўге кең имканиятлар жаратпақта.
Қоңырат районында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Г.Бахиеваның басшылығында көшпели қабыллаў өткерилди.
Халықтың жасаў шараятларын жақсылаў, елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў, мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў шеңберинде халық пенен ашық-айдын пикирлесиў, олардың машқалаларын шешиўге жақыннан жәрдем бериў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда келип түскен мүрәжатлардың 90 проценттен асламы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендриў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеми бойынша болды.
– Мениң еки балам бақшаға барады, -дейди районның «Жиңишке» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Арзыбийке Зийўатдинова. – Министрлик тәрепинен мениң ата-аналар төлемин арзанластырыў ҳаққындағы мүрәжатым тыңланып, бақша баслығына белгиленген тәртипте көртсетпелер берилди.
Сондай-ақ, қабыллаўда М.Мамутова, Р.Базарбаева ҳәм басқа да онға шамалас пуқаралардың мүрәжатларының орынланыўы қадағалаўға алынды.
Райондағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң баслықларына балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеми ҳәм басқа да көтерилген мәселелер бойынша тапсырмалар берилип, машқалаларды унамлы шешиў илажлары көрилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги