Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Нураный ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.

Онда республикамыздың әдиллик тараўында мийнет еткен нураныйлар, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Нураныйлар кеңеси ағзасы Е.Шерматов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары Е.Турсынов, профессор-оқытыўшылар ҳәм жаслар қатнасты.

– Елимизде кексе әўлад ўәкиллерине мәмлекет тәрепинен айрықша итибар ҳәм ғамхорлықлар көрсетилмекте, -дейди университеттиң жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша проректоры С.Алаўатдинов. – Биз нураныйларға жасларымыздың қәлбине, сана-сезимине  ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин сиңдириўде, оларды кәмил инсан етип тәрбиялаў жолындағы пидайы хызметлери ушын айрықша миннетдаршылық билдиремиз, алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.

Буннан соң университетте оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж жасларға Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Нураныйлар кеңеси тәрепинен саўғалар ҳәм китаплар тапсырылды.



– Елимизде кексе әўлад ўәкиллерине айрықша ҳүрмет пенен қаралады, -дейди белсенди жаслардан бири Н.Байбосынов. – Кекселери бар шаңарақлар берекетли, пайызлы болады. Нураныйларымыздың үгит-нәсиятларына әмел етсек ҳеш қашан кем болмаймыз. Себеби, олар көп жыллар даўамында турмыстың қыйыншылықларынан өтип, тәжирийбе топлаған. Олардың айтқан ҳәр бир гәпи биз ушын ибрат мектеби болып табылады.

Ушырасыў кешеси жоқары оқыў дәргайының студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.



Қарақалпақстан хабар агентлиги