Мәжбүрий орынлаў бюросы Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен исбилерменниң пайдасына 550 миллион сумлық қарыздарлық өндирилди.

Бюро уйымлары тәрепинен исбилерменлердиң пайдасына өндириў менен байланыслы суд ҳүжжетлери ҳәм басқада уйымлардың орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленип, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, бюроның Тахтакөпир районлық бөлиминиң ис жүргизиўиндеги Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2022-жыл 22-майдағы орынлаў ҳүжжети бойынша қарыздар Тахтакөпир  районы жоллардан пайдаланыў кәрханасынан өндириўши “ASL GRAND OIL” жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 549 миллион 701,8 мың сум өндириў белгиленген.

Алып барылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлериниң нәтийжесинде, қарыздар кәрхананың хызмет автомашиналары ҳәм банктеги есап бети инкассо ордери арқалы хатлаўға алынды ҳәм белгиленген қарыздарлық толығы менен өндирилди.

Орынлаў ҳүжжети болса, Өзбекстан Республикасының “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамның
41-статьясына тийкар әмелде тамамланған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги