Халық саламатлығын қорғаў бүгинги күни елимизде жүргизилип атырған мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бир болып, соңғы ўақытлары тараўды қайта реформалаў бойынша аймақларда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтатуғын болсақ, республикамыздың барлық аймақларындағы медициналық мәкемелердиң имаратларында  қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылып, олар заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленбекте.

Тахтакөпир районындағы  Қоӊыраткөл аўыл пуқаралар жыйыны республикамыз орайынан әдеўир узақта жайласқан ең шетки елатлардың бири болып есапланады. Өткен жылы жыйын аймағы «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилип, аймақта көплеген қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Соның ишинде, Қоӊыраткөл шаӊарақлық шыпакерлик пункти имаратына  «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 822,0 млн.сумлық ири оӊлаў жумыслары алып барылып, жаңа жыл басында толық питкерилди.


Усы мүнәсибет пенен шаӊарақлық  шыпакерлик пунктиниӊ ашылыў салтанаты өткерилди.

Онда район ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары М. Камалов илаж қатнасыўшыларын имараттың пайдаланыўға  тапсырылыўы менен қутлықлап, бул медицина мәкемеси халық ийгилиги ушын сапалы хызмет ететуғынлығына исеним билдирди.

Соңынан имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары шыпакерлик пункттиң ишки имканиятлары менен жақыннан танысты.

Ҳәзирги ўақытта Қоӊыраткөл шаӊарақлық  шыпакерлик пунктинде 1 улыўма әмелият шыпакери, 2 патронаж мийирбийкелери, 7 орта буўын мийирбийкелер, 2 киши буўын ҳәм 6 басқа да хызметкерлер аўыл халқына медициналық жақтан  хызмет көрсетеди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы