Мәмлекетимизде киши бизнести, жеке исбилерменликти, исбилерменлик субъектлериниң жумысларын қоллап-қуўатлаў, хожалық жүргизиўши субъектлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта. Оның турмысқа кеңнен енгизилиўинде әдил судлаўдың орны айрықша, әлбетте.
Экономикалық судлар тәрепинен өз ўазыйпаларынан келип шығып, жеке исбилерменлик, киши бизнес ҳәм фермер хожалықларының ҳуқықлары менен миннетлемелерин қорғаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
2022-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен исбилерменлер ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерден келип тускен 10135 даўа арза кѳрип шығылған. Соннан 8346 арза қанаатландырылып, 854 и қанаатландырылмаған, 735 и кѳрилместен қалдырылған ҳәм 200 и ис жүргизиўден қысқарған.
– Ҳәзирги ўақытта экономикалық судлар тәрепинен өз жумысларында экономика тараўында нызамшылықты беккемлеў, әдил судлаўды әмелге асырыў, исбилерменлик субъектлериниң мәплерин қорғаў, оларға жеңилликлер жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм суд мәжилислериниң тәрбиялық орны ҳәм әҳмийетин арттырыў мақсетинде ислерди көбирек көшпели суд мәжлислеринде, кең жәмийетшиликти тартқан ҳалда өткериўге айрықша итибар қаратылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы Б.Қтайбеков.
Суд буйрығы тәртибинде 24 ис, әпиўайыластырылған тәртипте 497 ис кѳрилген. Жәми 6830 даўа арза электрон формада келип түскен.
2022-жылда кѳрилген ислер алдыңғы жылға салыстырғанда
29,1 процентке көбейген.
Көрилген ислердиң ис категориясына қарағанда пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы 4362, ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықларға байланыслы 5095, кәрханалар ҳәм пуқаралардың банкротлығы менен байланыслы 651, корпоратив қатнасықларға байланыслы 26 ҳәм юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаў менен байланыслы 1 ис көрип шығылды.
Экономикалық судларда киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлердиң даўагерлигинде жәми 1289 ис бойынша олардың пайдасына 88 миллиард 959 миллион 860 мың сум, соннан дийқан ҳәм фермер хожалықлар даўагерлигинде 579 көрилген ис бойынша олардың пайдасына 13 миллиард 589 миллион 140 мың сум өндириў ҳаққында шешиўши қарарлар қабыл етилди.
Суд мәжилислериниң тәрбиялық ҳәм профилактикалық әҳмийетин арттырыў мақсетинде судьялар тәрепинен 5642 ис, яғный көрилген ислердиң 51,7 проценти көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылды.
Жыл даўамында Мәжбүрий орынлаў бюроларына орынлаў ушын 344 миллиард 428 миллион 772 мың 761 сумлық 7539 орынлаў ҳүжжетлери орынлаўға жиберилген.
Өткен жыл даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келген 125 мүрәжат үйренилип, нызамлы мүддетлерде мүрәжат ийесине тийисли ҳәм тийкарланған жуўаплар берилген.
Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм районлараралық экономикалық судлары баслықларының көшпели ҳәм суд имаратларында өткерилген жеке қабыллаўларда жәми 236 пуқара, соннан 96 пуқара көшпели қабыллаўда қабылланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги