Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Биз – бир шаңарақ перзентлеримиз» атамасында илаж өткерилди.
Илажда институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров ҳәм басқалар сөзге шығып, диний кеңпейиллик халқымыздың қанына сиңген ийгиликли қәдирият екенлигин, елимизде ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң аўызбиршилик пенен жасап атырғанын ҳәм миллетлераралық татыўлық тыныш ҳәм абадан турмысымыздың гиреўи болып табылатуғынлығын атап өтти.
Бүгинги күнде 18 мыңға шамалас студент-жаслар билим алып атырған бул институтта оқыў 5 тилде алып барылады. Бул оқыў дәргайында өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс, қырғыз, әзербайжан, башқурт, уйғыр ҳәм татар миллетлериниң ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей, аўызбиршиликли түрде билим алмақта. Олар республикамыз көлеминде өткерилип киятырған улыўмахалықлық байрамларда, ҳәр қыйлы илажларда бирге қатнасып, үлкен нәтийжелерге ерисип келмекте.
Илаж даўамында студент-жаслар ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң үрп-әдетлерин өзинде сәўлелендирген кийимлер көргизбесин шөлкемлестирди. Ҳәр бир миллеттиң өзине тән дәстүрлери ҳәм миллий үрп-әдетлери ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Илажда Қарақалпақстандағы Қазақ миллий мәдений орайы ҳәм Түркмен миллий мәдений орайы ўәкиллери шығып сөйледи. Студентлер ҳәр қыйлы тиллерде қосықлар оқып берди.
– Соңғы жаллары бул бағдардағы реформалар жаңа басқышқа көтерилди, -дейди Қазақ миллий мәдений орайының баслығы А.Үмбетаев. – Атап айтқанда, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, қәўипсиз, турақлы ҳәм татыў қоңсышылық орталығын раўажландырыў, елимиздиң халықаралық абырайын беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги