Қырғызстан тәрепиниң басламасы менен 28-январь күни Тәжикстан Республикасы сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддин менен Қырғызстан сыртқы ислер министри Жээнбек Кулубаев арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти, деп жазбақта «Ховар» агентлиги Тәжикстан сыртқы ислер министрлигиниң берген мағлыўматқа сүйенип.

Сөйлесиў ўақтында министрлер Тәжикстан-Қырғызстан бирге ислесиўиниң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысқан. Сондай-ақ, еки мәмлекет сыртқы ислер министрлери 2023-жылы еки мәмлекет арасында жоқары дәрежеде болып өтетуғын илажларға таярлық мәселелерин де додалады, делинеди хабарда.

ӨзА