Социаллық тармақларда Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында жүз берген өткир зәҳәрлениў жағдайы бойынша хабарлар тарқалды.

Бул жағдай бойынша Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық хызмети рәсмий мүнәсибет билдирди.

Мәлим етилиўинше, усы жылдың 25-январь күни наўқас Б.Б.ның аўыз-еки көрсетпесине бола, түсликте иниси М.А. менен бирге үйине жақын жердеги азық-аўқат дүканынан тез таярланатуғын лапша өнимин сатып алып, таярлап жеген. Лапша өнимин таярлаў процесинде өнимде бузылыў белгилери, басқа жаман ийис ҳәм дәм сезилмеген.

Сол күни саат 17:00-18:00 лерде Б.Б. үйинде 1-1,5 жылдан берли сақланып турған, аты, ислеп шығарыўшысы  ҳәм сатып алған орны белгисиз 500 грамға шамалас целлофан пакетте сақланып турған порошок көринисиндеги кемириўшилерге қарсы дәрини үйдиң әтирапы, асхана ҳәм бир ханаға сеўип шыққан. Кемириўшилерге қарсы дәрини себиў ўақытында ҳәм сепкенинен соң ханаларда өткир ийис сезилген.

2023-жыл 26-январь күни М.А. саат 8:00лерде, Б.Б. 9:30-10:00ларда қайтарып баслаған. Белгилер өтип кетпегеннен соң түслик ўақтында тез жәрдем шақырылған. Бирақ ата-анасы тәрепинен үйинде емлениў мақул көрилген. М.А. ҳәм Б.Б. қайтарыўға қарсы дәрилер қабыл еткен. Сол күни түнги саат 23:00-24:00лер шамасында М.А. ҳәм Б.Б.лар қайтадан қайтарып баслаған. 27-январь күни саат 06:00-07:00лерде «Тез жәрдем» шақырып, Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасына жибериледи. Бирақ, наўқаслардың кеселлик белгилери жуқпалы кеселликлерден болмағаны себепли Республикалық қыстаўлы тез медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалына жибериледи.

Шыпакерлер тәрепинен наўқасларға «Фосфорорганикалық бирикпелерден өткир зәҳәрлениўдиң аўыр ҳәм оғада аўыр дәрежеси» дәслепки диагнозы қойылған.

М.А. келгендеги жағдайы аўыр ҳалда болған. Реанимациялық илажлар алып барылыўына қарамастан наўқаста 27 январь саат 09:24 де биологиялық өлим жүз берди. Пуқара Б.Бның жағдайы қанаатландырарлы болып, саламатлығы шыпакерлердиң қадағалаўына алынған.

Жоқарыдағы жағдай бойынша қайта мүрәжатлар болмаған ҳәм проифилактикалық жумыслар даўам еттирилмекте.

ӨзА