Жаңадан шөлкемлестирилип атырған мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўлары Елликқала районында да белгиленген нызам талапларына муўапық шөлкемлескенлик пенен болып өтти.

Атап айтатуғын болсақ, Қырққызабад аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан бөлинген «Бургутқалъа», Сарабий аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан шөлкемлестирилип атырған «Барҳаёт» мәкан пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаў илажы болып өтти.



Райондағы сектор баслықлары, аймақ белсендилери қатнасқан сайлаўлар жуўмағында «Бургутқалъа» мәкан пуқаралар жыйыны баслығына Ўктамбой Ражаббоев, «Барҳаёт» мәкан пуқаралар жыйыны баслығына Темур Аллабергенов сайланды.








Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы