Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы жергиликли халық пенен тиккелей ислесиўши, олардың машқалаларын шешиўге жәрдемлесиўши, ҳәкимият уйымлары менен өз-ара байланыстырыўшы шөлкем болып табылады.
Соңғы жыллары елимизде халықтың саны жылдан-жылға көбейип, белгиленген нызамға муўапық аймақларда жаңа мәкан пуқаралар жыйынларын шөлкемлестириўди талап етпекте. Сонлықтан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2014-жыл 14-марттағы 271-санлы қарары менен тастыйықланған «Қалалар, поселкалар ҳәм аўыллардың мәкан пуқаралар жыйынларын дүзиў, бирлестириў, бөлиў ҳәм сапластырыў, Сондай-ақ, олардың шегараларын белгилеў ҳәм өзгертиў, оларға атама бериў ҳәм олардың атамасын өзгертиў тәртиби ҳаққында»ғы реже ҳәм нызам талаплары тийкарында аймақларда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының усынысларын инабатқа алып, республикамыз бойынша 25 өзин-өзи басқарыў уйымларын бөлиў есабынан тазадан 28 мәкан пуқаралар жыйынлары шөлкемлестирилмекте.
29-январь күни Нөкис районындағы 6-12-19-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Тақыркөл» аўыл пуқаралар жыйнынан бөлинип, жаңадан шөлкемлестирилген «Дийқан арна», «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйнынан бөлинип, жаңадан шөлкемлестирилген «Үлгили мәкан», «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйнынан бөлинип, жаңадан шөлкемлестирилген “Дарсан” мәкан пукаралары жыйынлары баслығы (ақсақал) лаўазымына сайлаўлар болып өтти.
Белгиленген нызам талаплары тийкарында өткерилген сайлаўлар жуўмағында сайлаўшылар арасында ең көп даўыс топлаған талабанлар мәкан пуқаралар жыйынлары баслығы лаўазымына сайланды.
Атап айтатуғын болсақ, «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйыны баслығына Марат Аминов, «Үлгили мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны баслығына Мэлс Пирназаров, «Дарсан» мәкан пуқаралар жыйыны баслығына Азатбай Өтеевлер сайланды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары Т.Абдижаббаров, Нөкис районы ҳәкими О.Уснатдиновлар қатнасты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы