Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың мирәт етиўине бола 26-27-январь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болды.

Мәмлекетлик сапардың тийкарғы илажлары 27-январь күни өткерилди.

Дәслеп Бишкектеги «Ала-Арча» резиденциясында мәмлекетимиз басшысын рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Уллы мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Еки мәмлекеттиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Садир Жапаров ҳүрметли қараўыл қатарының алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын бир-бирине таныстырды.

Буннан соң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Президенти Садир Жапаров тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы мирәт еткени ҳәм қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, кейинги еки жылда Өзбекстан – Қырғызстан бирге ислесиўиниң нәтийжели раўажланғанын атап өтти.

– Қырғызстан бизиң әҳмийетли стратегиялық шеригимиз, ең жақын қоңсымыз ҳәм ўақыт пенен сыналған достымыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Тәреплер кейинги еки жылда өз-ара қатнасықларды пүткиллей жаңа дәрежеге алып шығыўға ерискени атап өтилди. Өзбекстан-Қырғызстан шегарасының делимитациясы жуўмағына жеткерилгени болса тарийхый ўақыя сыпатында тән алынды.

Сөйлесиўлерде еки тәреплеме сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, суў-энергетика ҳәм аймақлар аралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Өзбекстан басшысы кейинги жыллары өз-ара саўда көлеми жети есеге көбейгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Еки мәмлекет ҳүкиметлерине саўда көлемин және де арттырыў ҳәм өз-ара өним жеткерип бериў номенклатурасын кеңейтиў бойынша биргеликте ислесиў бойынша тапсырма берилди.

Санаат, тоқымашылық, энергетика, кән ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жаңа биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Усы мақсетте Өзбекстан-Қырғызстан раўажланыў фондының потенциалы және де жедел иске қосылады.

Мәмлекет басшылары регионаллық структуралар ҳәм халықаралық қарым-қатнас майданлары шеңбериндеги бирге ислесиўди, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылық, заманагөй қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы гүресиў мәселелерин де додалады.

Соң сөйлесиўлер еки мәмлекет рәсмий делегацияларының ағзалары, бир қатар министрликлер ҳәм ўәлаятлар басшыларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирилди.

Мәмлекетимиз басшысы және бир мәрте қызғын қабыллағаны ҳәм миймандослық ушын терең миннетдаршылық билдирип, Президент Садир Жапаровтың басшылығында әмелге асырылып атырған табыслы социаллық-экономикалық реформалар Өзбекстанды қуўандырып атырғанын айрықша атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы қатнасықлардың жедел раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер системалы ҳәм жедел түрге енгени бирге ислесиўди салмақлы дәрежеде беккемлеў, жаңадан өсиў ноқатларын анықлаў ҳәм әмелий шерикликти кеңейтиўге хызмет етпекте.

Тәреплер өз-ара стратегиялық шерикликти тереңлестириў бағдарында бирге ислесиўге исенимли умтылатуғынын билдирди. Мәмлекетлеримиз арасында дүзилген Шегара ҳаққындағы шәртнама туўысқан халықларымыз тәрепинен көтериңки руўх пенен қабыл етилгени атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы баслы бағдарларын атап өтти. Бул, биринши гезекте, өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм номенклатурасын кеңейтиў болып есапланады.

Усы мақсетте тәреплер үшинши мәмлекетлерден импорттың орнын өзлеримиздиң ислеп шығарыўшыларымыздың арзан өнимлери менен толтырыў, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң пайтахтларында саўда орайларын шөлкемлестириў мәселелерин үйрениўге келисип алды.

Санаат кооперациясы шеңберинде дерлик 500 миллион долларлық жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў усыныс етилди. Автомобильлер, заманагөй турмыслық техника, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, пайдалы қазылмаларды биргеликте қазып алыў ҳәм қайта ислеў солардың қатарына киреди.

Мәмлекетимиз жетекшиси азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў шеңберинде аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўдиң әҳмийетли бағдары сыпатында атап өтти.

Интенсив бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын раўажландырыў, картошка, мийўе-овощ ҳәм шарўашылық өнимлерин жеткерип бериў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм басқа да қоспа жойбарларды иске қосыўға қаратылған агрокооперация бағдарламасын әмелге асырыў усы мақсетлерге хызмет етеди.

Өзбекстан Президенти еки мәмлекет аймақлары арасындағы шериклик ҳәм тиккелей байланысларды кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық әҳмийетке ийе екени атап өтилди. «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан»  темир жолын қурыў бойынша жумысларды жеделлестириў, «Әндижан-Ош-Иркиштом» автомобиль жолының потенциалын толық иске қосыў, усы мақсетте биргеликтеги транспорт-логистика компаниясын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Сөйлесиўлерде энергетика тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Гидроэнергетикадағы жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, Қамбарата ГЭС-1 қурылысы бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлерди жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин көрсетип өтти. Тарийхы ҳәм дини, тили ҳәм мәденияты уқсас болған халықларымыз арасындағы дослық байланысларын беккемлеўге қаратылған бир қатар анық басламалар алға қойылды.

Атап айтқанда, уллы қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың 95 жыллығын кеңнен белгилеў, Ошта Бабур атындағы Өзбек музыкалы драма театрының ашылыўында биргеликте спектакль қойып бериў, зиялылар менен жасларды жедел тартқан ҳалда жаңа формат – Әўладлар сөйлесиўин шөлкемлестириў, студентлер спартакиадасы, қоспа фестиваль ҳәм концертлер, дөретиўшилик илажларын өткериў усыныс етилди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер соңында ҳүжжетлерге қол қойыў ҳәм алмасыў мәресими болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Садир Жапаров еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа – кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығыўшы Декларацияға қол қойды.

Мәмлекет басшылары жанында мәмлекетлер аралық, ҳүкиметлер аралық ҳәм аймақлар аралық ҳүжжетлер алмасылды. Жәми 25 ҳүжжетке қол қойылған, соның ишинде:

– Өзбекстан-Қырғызстан Мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққындағы шәртнаманың ратификация жарлықларын алмасыў ҳаққында билдириў;

– Қырғыз Республикасында автомобиль ҳәм коммерциялық техниканы ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Стратегиялық саўда-экономикалық шериклик ҳаққында 2023-2025-жылларға мөлшерленген бағларлама;

– Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

Пуқаралардың өз-ара барып-келиўи ҳаққындағы келисимге Билдириў;

– Шегара алды ўәлаятлар басшылары кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы меморандумға өзгерислер киргизиў ҳаққында Билдириў.

Министрлик ҳәм уйымлар арасында аўыл хожалығы, энергетика, бажыхана, санааттың тийкарғы бағдарларын раўажландырыў, инновациялар ҳәм илимий изертлеўлер, жасларды қоллап-қуўатлаў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында келисимлер, сондай-ақ, Дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын белгилеў режесине қол қойылды.

Сондай-ақ, Жиззақ ҳәм Ыссықкөл, Әндижан ҳәм Ош, Ферғана ҳәм Боткен, Наманган ҳәм Жалалабад ўәлаятлары арасында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша 2023-2025-жылларға мөлшерленген комплексли бағдарламаларға қол қойылды.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Президенти Садир Жапаров сөйлесиўлерден соң ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткерди.

– Мәмлекетлик сапарымыз Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының отыз жыллығында болып атырғаны рәмзий мәниге ийе, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан басшысы исенимли ҳәм коструктивлик сөйлесиў руўхында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың нәтийжелерин жоқары баҳалады. Тәреплер көп тәреплемели бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын толық додалап, оны тереңлестириў бойынша анық қарарлар қабыл еткенин атап өтти.

Өзбекстан-Қырғызстан мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққындағы шәртнама дүзилгени еки тәреплеме қатнасықларда ҳақыйқый тарийхый ўақыя болғаны атап өтилди.

– Шегараны делимитациялаў мәселелериниң толық тәртипке салынғаны еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм аймақлар аралық алмасыўлардың раўажланыўында үлкен орын ийелейди, регионымызда турақлылық ҳәм қәўипсизликтиң беккемлениўине хызмет етеди,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сөйлесиўлердиң соңында қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжетлерден бири Кең көлемли стратегиялық шериклик ҳаққындағы декларация болды. Бул, мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолындағы көп тәреплемели бирге ислесиўдиң раўажланыўында жаңа дәўирдиң басланыўы болып есапланады.

Саўда-санат кооперациясын кеңейтиў бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли тийкарғы бағдары етип белгиленди. Кейинги жыллары товар алмасыў жети есеге көбейди ҳәм 1,3 миллиард долларға жетти.

Еки мәмлекет ҳүкиметлери алдына товар алмасыўды, соның ишинде импорттың орнын жедел толтырыў ҳәм саўда орайларын шөлкемлестириў арқалы еки миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Кеше болып өткен бизнес-форумда улыўма баҳасы 1,6 миллиард долларлық шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылғаны да бул мақсеттиң табыслы жүзеге шығыўына хызмет етеди.

Автомобильлер, қурылыс материаллары. тоқымашылық өнимлери ҳәм ийирилген жип, электртехника товарлары ҳәм электрон есаплағышлар ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген ири кооперация жойбарлары солардың қатарына киреди.

Тәреплер еки мәмлекет кәрханалары ҳәм инвесторларының қатнасыўында энергетика ҳәм кән тармақларында, соның ишинде, көмир санаатында ири инфраструктуралық жойбарлардың әмелге асырылыўынан мәпдар.

Бул бағдардағы жумысларды системалы тийкарда шөлкемлестириў ушын Өзбекстан-Қырғызстан раўажланыў фонды кеңейтиледи, Стратегиялық саўда-экономикалық шериклик бойынша  2023-2025-жылларға мөлшерленген комплексли бағдарлама сондай-ақ, Санааттың тийкарғы бағдарларын раўажландырыў ҳаққында келисим қабыл етилди.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў шеңберинде тәреплер мәмлекетлеримиздиң талапларынан келип шыққан ҳалда аўыл хожалығы өнимлерин биргеликте жетистириў ҳәм жеткерип бериўге келисип алды.

Және бир стратегиялық бағдар – транспорт коммуникацияларын раўажландырыў.

– Ҳәрекетлеримиздиң табысы көп жағынан транспорт тараўындағы бирге ислесиўдиң нәтийжелилигине байланыслы,-деди Өзбекстан Президенти.

Сөйлесиўлер даўамында жетекшилер «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолын қурыў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириўге келисип алды. Энергетика тараўы да, атап айтқанда, Қамбарата ГЭС-1ди биргеликте қурыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

– Бул мегажойбар, әлбетте, Өзбекстан ҳәм Қырғызстанның емес, ал пүткил регионымыздың турақлы раўажланыўына хызмет етеди,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Сөйлесиўлерде аймақлар аралық байланысларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды. Шегара алды ўәлаятлар басшылары кеңесиниң мәжилислерин турақлы өткерип барыў бул байланыслардың кеңейиўине хызмет етеди.

Мәдений-гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Ош қаласында реконструкциясы жуўмақланып атырған Бабур атындағы Өзбек музыкалы драма театры туўысқан халықларымыз арасындағы дослықтың айқын белгиси болатуғыны атап өтилди.

Усының менен Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғыз Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды.

ӨзА