Өзбекстан Республикасының биринши президенти Ислам Кәримов 1938-жылы 30-январьда Самарқанд қаласында туўылған.
Ислам Кәримов Орта Азия Политехника ҳәм Ташкент Халық хожалығы институтларын тамамлаған. Мийнет жолын 1960-жылы Ташкент аўыл хожалық машина оңлаў заводында баслаған. Соң В.П.Чкалов атындағы Ташкент Авиация өндирислик бирлеспесинде инженер, жетекши инженер-конструктор болып иследи. 1966-жылы Өзбекстан ССР Мәмлекетлик план комитетине жумысқа өтип, бас инженерликтен республика Мәмлекетлик план комитети баслығының биринши орынбасары болыўға шекемги жолды басып өтти.
Ислам Кәримов 1983-жылы Өзбекстан ССР Қаржы министри, 1986-жылы Өзбекстан ССР Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республика Мәмлекетлик план комитетиниң баслығы етип тайынланды. 1986-1989-жыллар даўамында Қашқадәрья ўәлаяты партия комитетиниң биринши секретары, 1989-жылдың июнь айынан баслап Өзбекстан Компартиясы Орайлық Комитетиниң биринши секретары лаўазымларында иследи.
Ол 1990-жыл 24-март күни Өзбекстан ССР Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында Өзбекстан ССР Президенти етип сайланды. 1991-жылы 31-августта И.Кәримов тарийхый ўақыя – Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин жәриялады. 1991-жыл 29-декабрьде альтернативлик тийкарында өткерилген улыўмахалықлық сайлаўда И.Кәримов Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланды.
Ислам Кәримов суверен ҳәм ғәрезсиз Өзбекстанды қурыў, халықшыл демократиялық ҳуқықый мәмлекет жаратыў, пуқаралардың тынышлығы ҳәм миллий татыўлықты тәмийинлеўге қосқан үлкен үлеси ҳәм бул бағдарда мәртлик ҳәм қаҳарманлық көрсеткени ушын «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы, «Ғәрезсизлик» ҳәм «Әмир Темур» орденлери менен сыйлықланған.
Өзбекстан Республикасының биринши президенти Ислам Кәримов 2016-жылдың 2-сентябрь күни, 78 жасында Ташкент қаласында қайтыс болды. Ол 2016-жылы 3-сентябрьде Самарқанд қаласында жерленди.
Халқымыз ғәрезсизлик жылларында ерисилген салмақлы жетискенликлерди ҳақылы түрде И.Кәримовтың исми ҳәм искерлиги менен байланыстырады.
ӨзА