Усы жыл 26-январь күни Нөкис қаласын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған  мәжилис болып өтти.

Онда тийисли министрликлер, комитетлер, басқармалардың басшылары ҳәм қалалық мәкемелер менен шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.

Атап өтилгениндей, өткен жылы Нөкис қаласында өткерилген ушырасыўда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Соның ишинде, Нөкис қаласын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери көрип шығылып, тараў ҳәм сектор басшыларына анық тапсырмалар жүкленди.

Бүгинги күнде өткен жылы өткерилген мәжилисте белгилеп берилген 29 тапсырманың 20 сы орынланған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўын жолға қойыў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылған. Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 64 пуқаралар жыйынынан 26 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген.

Сондай-ақ, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлерден қарыздарлық артқан. Буннан тысқары, ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстанға болған сапары даўамында тастыйықланған протоколына муўапық киши бизнес субъектлериниң санын 2 есеге арттырыў белгиленген. Бирақ, Нөкис қаласында өткен жылы жаңадан шөлкемлестириў белгиленген 63 киши бизнес субъекттиң ашылыўы тәмийинленбеген. Тийисли басшылар тәрепинен белгилеп берилген киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў жумысларында есабатларға қосып жазыўларға жол қойылған.

Президентимиздиң 2022-жыл 25-июлдеги “Мәҳәллелерде  санаат, өнерментшилик ҳәм шарўашылық миниорайларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы  қарарына муўапық пуқаралар жыйынларында  санаат, өнерментшилик, ҳәм шарўашылық бағдарындағы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға шараятлар жаратыў, жумыс орынларын жолға қойыў, пуқаралардың дәраматын асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024 жыллар аралығында жәми 52 пуқаралар жыйынында микроорайлар шөлкемлестирилиўи белгиленген. Соннан Нөкис қаласында бир мәкан пуқаралар жыйынында иске түсирилиўи нәзерде тутылған микроорай шөлкемлестириў ушын усы күнге шекем бос турған имарат ямаса бос жер орны белгилеп алынбаған.

Мәжилисте өз ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қараған, жумысларында артта қалыўшылыққа жол қойған Сәрбиназ, Ели абат, Дослық гүзары, Дослық ҳәм Гүлзар мәкан пуқаралар жыйынларының ҳәким жәрдемшилерине интизамый жаза шарасы қолланылды.

Быйылғы жылда Нөкис қаласында “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында жәми 130,6 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит қаржысы ажыратылып, жаңа жумыс орынларының жолға қойылыўы, жаңадан киши бизнес субъектлерин шөлкемлестириў, инвестиция қаржыларын тартыў белгиленгенлиги атап өтилди.

Мәжилис жуўмағында Нөкис қаласын раўажландырыў бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Усы мазмундағы мәжилислер республикамыздың бир қатар районларында да болып өтти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги