Усы жылы 27-январь күни Өзбекстан Журналистлери аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң гезектеги мәжилиси болып, онда Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар, быйылғы жылдың биринши ярымында әмелге асырылыўы тийис болған ис-режелер додаланды.
Өзбекстан Журналистлери аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы К.Реймов басқарып барған мәжилисте атап өтилгениндей, мәмлекетимиз миллий раўажланыўдың жаңа дәўирине қәдем тасламақта, турмысымыздың барлық қатламларында үлкен өзгерислер жүз бермекте. Елимиз басшысы өзиниң гезектеги Мүрәжатында алты бағдар бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.
Бүгинги глобалласыў дәўиринде ғалаба хабар қуралларының алдына айрықша ўазыйпалар жүклемекте. Халықтың мәлимлемеге болған талабы артып баратырған бир дәўирде журналистлеримизден дәўир менен тең қәдем таслаўды, ҳәр қандай жаңалықларды анық ҳәм оператив жеткериўди талап етпекте. Жасыратуғыны жоқ, ҳәзирги ўақытта айырым ғалаба қураллары, соның ишинде, газеталар қыйыншылықларды бастан кеширмекте. Алдыңғы жылларға салыстырғанда жазылыўшылардың саны кескин азайып кетти. Бундай машқаладан шығысыўдың қандай жоллары бар? Илаж қатнасыўшылары бул бойынша өзлериниң пикир-усыныслары менен ортақласты.
Мәжилисте быйылғы жылдың биринши ярымында ис-режеси тастыйықланды.
Илажда шөлкемлестириў мәселеси қаралды. Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Д.Абибуллаев Өзбекстан Журналистлери аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығының орынбасары етип сайланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги