Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров сөйлесиўлерди еки мәмлекет рәсмий делегацияларының ағзалары, бир қатар министрликлер ҳәм ўәлаятлардың басшылары қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирди.

Мәмлекетимиз басшысы және бир мәрте қызғын қабыллағаны ҳәм миймандослық ушын терең миннетдаршылық билдирип, Президент Садир Жапаровтың басшылығында әмелге асырылып атырған табыслы социаллық-экономикалық реформалар Өзбекстанды қуўандырып атырғанын айрықша атап өтти.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы қатнасықлардың жедел раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер системалы ҳәм жедел түрге енгени бирге ислесиўди салмақлы дәрежеде беккемлеў, жаңадан өсиў ноқатларын анықлаў ҳәм әмелий шерикликти кеңейтиўге хызмет етти.

Тәреплер өз-ара стратегиялық шерикликти тереңлестириў бағдарында биргеликте ислесиўге исенимли умтылатуғынын билдирди. Мәмлекетлеримиз арасында дүзилген Шегара ҳаққындағы шәртнама туўысқан халықларымыз тәрепинен көтериңки руўх пенен қабыл етилгени атап өтилди.

Сөйлесиўлер ўақтында саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Өткен жылдың жуўмағы менен өз-ара товар алмасыў 1,3 миллиард долларға жеткени, 300 ден аслам биргеликтеги кәрхана шөлкемлестирилгени атап өтилди. Экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында санаат кооперациясының жойбарлары әмелге асырылмақта. Өзбекстан-Қырғызстан раўажланыў фонды анық жойбарларды қаржыландырыўды баслады.

Кеше болып өткен бизнес-форум шеңберинде улыўма баҳасы 1,6 миллиард долларлық салмақлы шәртнамалар топламына қол қойылды.

Президент Шавкат Мирзиёев өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы баслы мақсетлерин атап өтти. Бул, биринши гезекте, өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм номенклатурасын кеңейтиў болып есапланады.

Усы мақсетте тәреплер үшинши мәмлекетлерден импорттың орнын өз ислеп шығарыўшыларымыздың арзан өнимлери менен толтырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет пайтахтларында саўда орайларын шөлкемлестириў мәселелерин үйрениўге келисип алды.

Санаат кооперациясы шеңберинде дерлик 500 миллион долларлық жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў усыныс етилди. Автомобильлер, заманагөй турмыслық техника, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, пайдалы қазылмаларды биргеликте қазып алыў ҳәм қайта ислеў солардың қатарына киреди.

Мәмлекетимиз жетекшиси азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў шеңберинде аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўдиң әҳмийетли бағдары сыпатында атап өтти.

Интенсив бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын раўажландырыў, картошка, мийўе-овощ ҳәм шарўашылық өнимлерин жеткерип бериў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм басқа да қоспа жойбарларды иске қосыўға қаратылған агрокооперация бағдарламасын әмелге асырыў усы мақсетлерге хызмет етеди.

Өзбекстан Президенти еки мәмлекет аймақлары арасындағы шериклик ҳәм тиккелей байланысларды кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў стратегиялық әҳмийетке ийе екени атап өтилди. «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан»  темир жолын қурыў бойынша жумысларды жеделлестириў, «Әндижан-Ош-Иркиштом» автомобиль жолының потенциалын толық иске қосыў, усы мақсетте биргеликтеги транспорт-логистика компаниясын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Сөйлесиўлерде энергетика тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Гидроэнергетикадағы жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, Қамбарата ГЭС-1 қурылысы бағдарындағы биргеликтеги ҳәрекетлерди жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин көрсетип өтти. Тарийхы ҳәм дини, тили ҳәм мәденияты уқсас болған халықларымыз арасындағы дослық байланысларын беккемлеўге қаратылған бир қатар анық басламалар алға қойылды.

Атап айтқанда, уллы қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың 95 жыллығын кеңнен белгилеў, Ошта Бабур атындағы Өзбек музыкалы драма театрының ашылыўында биргеликте спектакль қойып бериў, зиялылар менен жасларды жедел тартқан ҳалда жаңа формат – Әўладлар сөйлесиўин шөлкемлестириў, студентлер спартакиадасы, қоспа фестиваль ҳәм концертлер, дөретиўшилик илажларын өткериў усыныс етилди.


ӨзА