Нөкистеги Президент мектебинде Нөкис әскерий прокуратурасы ҳәм Арқа-батыс әскерий округи ветеранлар ислери бойынша кеңеси тәрепинен  «Нураныйлар ибраты» ҳәм «Мәрт әскер – жасларға өрнек» сүренлери астында «Үш әўлад ушырасыўы» өткерилди.

Арқа-батыс әскерий округиниң басламасы тийкарында системада көп жыллар даўамында хызмет еткен нураный хызметкерлер менен бундай ушырасыўларды өткериў дәстүрге айланған.

Президент мектебинде өткерилген илаж Нөкис әскерий прокуратурасы әдиллик полковниги Ш.Зоиров, Арқа-батыс әскерий округиниң ветеранлар ислери бойынша кеңеси баслығы, резервтеги подполковник А.Юсупов ҳәм басқа да кеңес ағзаларының  мектепте оқыўшылардың оқыў ҳәм оқыўдан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын жаратылған шараятлар менен танысыўы ҳәм оқыўшылар менен сәўбетлесиўинен басланды.

Көкиреги елимиздиң орден ҳәм медальлары менен толған нураныйлар оқыўшыларға Ўатанға садық, дүньяға көзқарасы кең, еркин пикирлейтуғын, ийманы беккем, мәнаўиятлы инсанлар болып ержетиўине тилеклеслик билдирди. Дүньяда жүз берип атырған сиясий жағдайларға өзиниң еркин ҳәм миллий үрп-әдетлеримизден келип шыққан ҳалда пикирлерин билдире алатуғын Ўатанына мүнәсип перзентлер болыўға шақырды.

– Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атағаны биз нураныйлардың қәлбимиздеги нийетлерге сай болды. «Үш әўлад ушырасыўы» жойбары да Президентимиздиң басламасы болып табылады, -дейди интернационал жаўынгер, ветеран, резервтеги сержант Муратбай Абдуллаев.








Илаж әскерий оркестр тәрепинен атқарылған қосықлар ҳәм әскерлердиң қол урысы әскерий шығыўлары менен жуўмақланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги