Республикамыздың Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Шымбай районларында халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң депутатлары, секретариат ҳәм пуқаралар жыйынларының баслықларының билимин жетилистириўге бағышланған оқыў-сеимнарлары болып өтти.
Илажда Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң ҳәм районлардағы Әдиллик бөлимлериниң жуўаплы хызметкерлери қатнасты.
Семинарда Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисин түсиндириў, депутатлардың нызамлы ҳуқуқы ҳәм миннетлери туўралы, пуқаралар жыйынларының басқарыў тәртиби, ҳүжжетлер менен ислесиўди жолға қойыў бойынша ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў усыллары, “Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасының нызамы, пуқаралар жыйынлары баслықларының физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў тәртиби кеңнен түсиндирилди.
Онда тийкарынан Президентимиздиң Мүрәжатында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар, депутатлардың жумысын жанландырыў, әсиресе сайлаўшылар менен ушырасыўларда көтерилген машқалаларға шешим табыў ҳәм оны сапластырыўдағы әмелий жумысларды турақлы түрде ғалаба хабар қуралларында оператив сәўлелендирип барыў мәселелери сөз етилди. Атап айтқанда, баспасөзде мақала бериўде нелерге итибар қаратыў кереклиги, телевидение ҳәм радиода интервью бериўдиң өзине тән тәреплери, депутатлардың социаллық тармақларда өзиниң телеграм каналларын жүргизип барыўы, мағлыўматларды жайластырыў тәртиби бойынша презентация формасында толық мағлыўмат берилди.
Семинар даўамында жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, секретариат ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларының жуўапкершилигин арттырыў, олардың жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги