Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғызстанға мәмлекетлик сапары шеңберинде өткерилген сөйлесиўлердиң жуўмағында ҳүжжетлерге қол қойыў ҳәм алмасыў мәресими болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Садир Жапаров еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа – кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығыўшы Декларацияға қол қойды.

Мәмлекет басшылары жанында мәмлекетлер аралық, ҳүкиметлер аралық ҳәм аймақлар аралық ҳүжжетлер алмасылды. Жәми 25 ҳүжжетке қол қойылған, соның ишинде:

– Өзбекстан-Қырғызстан Мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққындағы шәртнаманың ратификация жарлықларын алмасыў ҳаққында билдириў;

– Қырғыз Республикасында автомобиль ҳәм коммерциялық техниканы ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Стратегиялық саўда-экономикалық шериклик ҳаққында 2023-2025-жылларға мөлшерленген бағларлама;

– Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

Пуқаралардың өз-ара барып-келиўи ҳаққындағы келисимге Билдириў;

– Шегара алды ўәлаятлар басшылары кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы меморандумға өзгерислер киргизиў ҳаққында Билдириў.

Министрлик ҳәм уйымлар арасында аўыл хожалығы, энергетика, бажыхана, санааттың тийкарғы бағдарларын раўажландырыў, инновациялар ҳәм илимий изертлеўлер, жасларды қоллап-қуўатлаў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында келисимлер, сондай-ақ, Дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын белгилеў режесине қол қойылды.

Сондай-ақ, Жиззақ ҳәм Ыссы-көл, Әндижан ҳәм Ош, Ферғана ҳәм Боткен, Наманган ҳәм Жалал-абад ўәлаятлары арасында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша 2023-2025-жылларға мөлшерленген комплексли бағдарламаларға қол қойылды.

ӨзА