Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы ҳәм «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының хызметкерлери тәрепинен өткерилген рейд илажлары даўамында 26-январь күни 20:30 лар шамасында Қоңырат районы «Жаслық» посёлкасында жасайтуғын пуқаралар Ж.Е. ҳәм М.И. нызамға қайшы түрде мототранспорт қуралы жәрдеминде тийисли рухсатнамасы болмаған аң аўлаў мылтығы менен Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген, жоғалып кетиў алдында турған сийрек гезлесетуғын түр есапланған 13 бас жәйранды (кийикти) атып, жансыз ҳалда алып кетип баратырған ўақытта усланды. Бул ҳаққында Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Мәлим болыўынша, браконьерлерден 16 калибрли бир стволлы бир дана аң аўлаў мылтығы, жәми 35 дана, соннан 16 дана атылмаған ҳәм 19 дана пайдаланылған аң аўлаў мылтығының оқлары және атып өлтирилген 13 бас кийик айғақлы дәлил сыпатында алынған.
Бул жағдайда Өзбекстан Республикасының «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы, «Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар ҳаққында»ғы ҳәм «Аң аўлаў ҳәм аңшылық хожалығы ҳаққында»ғы нызамларының тийисли статьяларының талаплары турпайы түрде бузылған.
«Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылып, ҳайўанат дүньясына келтирилген зыян муғдары есапланбақта. Ҳайўанат дүньясына жаўызларша қатнаста болып, жынаят ислеген ҳуқықбузарларға нызамлы шара көриў мақсетинде тийисли тәртипте ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасына усынылмақта», – деп жазылған хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.