2022-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд арқалы қорғаў, әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, жыл даўамында судлар өндирисинде биринши инстанция тәртибинде улыўма 30773 ис болып, соннан 27684 ис көрилип тамамланған, 3087 ис кейинги жылға қалдық болып өткен. Олардың улыўма саны өткен жылға салыстырғанда 52,5 процентке көбейген.
Сондай-ақ, судлар тәрепинен 2022-жылда 22134 пуқаралық ис көрип тамамланған болып, бул көрсеткиш өткен жылдың сол дәўирине салыстырғанда 21,9 процентке көбейген.
– Сондай-ақ, жыл даўамында пуқаралық ислери бойынша судларында жәми 17053 суд буйрығы шығарылған. Бул көрсеткиш те алдынғы жылға салыстырғанда 6,6 процентке көбейген. Әсиресе, мийнет хақы өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары 1150 ге, алимент өндириў ҳаққындағы суд буйрықлары 236 ға көбейген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбарасы А.Керимбаев.
Жыл даўамында судларда көрип тамамланған пуқаралық ислердиң 58,2 процентин питимлер (соннан 9720 ис, 43,9 проценти кредит шәртнамасы менен байланыслы), 18,3 процентин шаңарақ қатнасықлары (соннан 2504 ис, 11,3 проценти некеден ажыратыў менен байланыслы), 9,1 процентин айрықша тәртипте көрилетуғын (соннан 606 ис, 2,7 проценти перзентликке алыў ҳаққындағы), 3,5 процентин мийнет қатнасықлары (соннан 291 ис, 1,3 проценти жумысқа тиклеў, 405 ис, 1,8 проценти мийнет ҳақы өндириўге байланыслы), 2,3 процентин турақ жай (соннан 104 ис, 0,4 проценти өзбасымшалық пенен қурылған қурылысты буздырыўға байланыслы), 1,6 процентин меншик ҳуқықы, 1,3 процентин зыянды өндириў, 1,8 процентин жер менен байланыслы, 0,3 процентин коммуналлық төлемлерди өндириў, 0,6 процентин басқа мазмундағы ислер қурайды.
Усы жылда көрилген ислерди өткен жылдың сол дәўири менен салыстырғанда питимлер, шаңарақ қатнасықлары, айрықша тәртипте көрилетуғын ҳәм жер менен байланыслы ислер көбейген болса, турақ жай, мийнет қатнасықлары менен байланыслы ислер бираз азайған.
Атап айтқанда, питимлер, соның ишинде кредит шәртнамасы менен байланыслы ислер өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 23,5 процентке көбейген болып, буған соңғы жылларда банклер тәрепинен көплеп кредитлер берилип атырғанлығы, бирақ оны қайтарыў мәселесинде айырым қарыздарларда қыйыншылықлар болып атырғанлығы, нәтийжеде шәртнама шәртлери ҳәм төлем интизамына әмел етилмей атырғанлығы себеп болған.
Сондай-ақ, айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислер, соның ишинде юридикалық фактти белгилеў менен байланыслы ислердиң көбейиўине шахстың өлгенлиги өз ўақтында ПҲАЖ уйымында дизимге алынбай қалғанлығы, бул болса ҳәзирги күнде сол шахстың мийрасхорлары тәрепинен мийрасты қабыл етиўге яки оларға ҳәр қыйлы напақалар тайынланыўына тосқынлық етип атырғанлығы себепли бундай фактлердиң суд арқалы тастыйықланыўына, нәтийже судқа мүрәжат етиўшилер санының көбейиўине алып келген.
Соның менен бирге, тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм жуўапкер лаўазымлы шахслар тәрепинен шаңарақларды сақлап қалыў илажларының жетерли дәрежеде алып барылмағанлығы нәтийжесинде некеден ажыратыў ҳаққындағы даўа арзалардың да саны өткен жылға салыстырғанда көбейген.
2022-жылы 3677 (3166) некеден ажыратыў ҳаққында даўа қозғатылған ислер көрилип, алдынғы жылға салыстырғанда 22,4 процентке көбейген.
Некеден ажыратылғанлардың көбейиўи тийкарынан Нөкис қаласы, Төрткүл, Әмиўдәрья, Беруний районларында бақланған.
Судларға келип түскен даўа арзалар ҳәм тәреплердиң суд мәжилислериндеги түсиндирмелеринен тәреплердиң бириниң басқа турмыс қурғанлығы, тәреплер арасында перзент жоқлығы, тәреплерден бири сырт еллерде жургенлиги, қыянети, шаңараққа ата-ана ҳәм басқалардың араласыўы яки минез-қулқының сәйкес келмеўи, мийнет ҳақы, спиртли ишимликлер ишиў, урыў, турақлы түрде азаплаў, тәреплердиң өз-ара басқа келиспеўшиликлери (ҳүрметсизлик, турақлы түрде урыс-жәнжел), басқа себеплер (кеселлиги, қол көтериў ҳалатлары) ажырасыўына себеп етип көрсетилген.
Ал, суд әмелиятының анализи соны көрсетеди, егер бир пуқарадан некеден ажыратыў ҳаққында даўа арза келип түссе, оннан кейин тәреплердиң арасында және бир неше даўлар келип шығады, яғный кейин олардың балаларына алимент өндириў, олар менен көрисип турыў, перзентин өзиниң тәрбиясына алып бериў, дүнья-мүлклерин бөлисиў, турақ жайға киргизиў ҳәм турақ жайдан шығарыў ҳ.т.б. даўа арзалар менен судқа мүрәжат етеди, буған олардың жақын туўысқанлары да қосылып баслайды. Нәтийжеде, пуқаралық ислери бойынша судлардың жүклемеси, яғный судта көрилетуғын ислер артып бара береди.
Бул мәселени шешиўдиң жолларынан бири – бул пуқаралық ислери бойынша судларға келип түсип атырған даўа арзалардың санының азайыўына ерисиўимиз керек, деп ойлайман. Мәселен, кредит шәртнамасы бойынша қарыздарлық келип шықпаўының илажларын банклер ҳәм қарыздардың өзи көрип шығыўы керек, қарыздарлықларды өндириўдиң альтернатив усылларынан пайдаланыўы ҳәм тартысты судқа шекем медиатив келисим жоллары менен шешиў, ең баслысы қарыздарларды турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў илажлары көрилиўи керек. Соның менен бирге, бул бағдарда кепиллик шәртнамасы дүзилип атырғанда оның ҳуқықый ақыбетлерин кепилге толық түсиндириў керек, себеби олардың көпшилиги судта ис көрилип болғаннан кейин оның ақыбетин түсинип жетпекте. Сондай-ақ, кредит ҳәм кепиллик шәртнамаларындағы қолтаңбалардың қәлбекилестирилген жағдайлары ушырасып, бундай шәртнамалар судлар тәрепинен ҳақыйқый емес, деп табылмақта.
Сондай-ақ, ҳәр бир мәҳәлле ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте ажырасыў алдында турған шаңарақларды жарастырыў илажларын еле де күшейтиўи керек, бундай шаңарақлардың ислери судқа жетип келмеўи, судқа даўа арза берилген жағдайда олар ҳаққында дәрҳал хабардар болып, шаңарақлардың қайта тиклениўине қаратылған барлық илажларды көриўи тийис болады.
Судлар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, судты түп мәнисинде әдиллик қорғанына айландырыў, халық пенен байланысыўдың тиккелей, жүзбе-жүз, ашық формаларын кеңейтип, пуқаралардың бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў бағдарындағы ислер еле де даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги