Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен бирге мәмлекетлик сапар менен Бишкек қаласына келди.


Еки елдиң мәмлекетлик байрақлары менен безелген «Манас» халықаралық аэропортында уллы мәртебели мийманларды Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм оның өмирлик жолдасы күтип алды.

Бул жерде мәмлекет басшыларына Өзбекстан ҳәм Қырғызстан халықлары арасындағы дослықты жырлаўшы музыкалық-фольклор көринислер қойып берилди.

Соң Президентимиз Қырғызстан Бас министри Акилбек Жапаров пенен биргеликте «Ата-Бейит» миллий тарийхый-естелик комплексине барды.

Мәмлекетимиз басшысы 1916-жылғы аянышлы ўақыялардың қурбанлары естелигине бағышланған «Уркун» естелигине гүлшеңбер қойды.

Комплекс 2000-жылы қырғыз мәмлекетшилигиниң ең әҳмийетли басқышлары ҳаққындағы тарийхый естеликти тиклеў ҳәм қәстерлеп сақлаў мақсетинде шөлкемлестирилген. Қырғыз халқының уллы жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың усынысы менен естеликке «Ата-Бейит» – «Аталар қәбири» деген атама берилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қырғызстанға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА