Усы жыл 26-январь күни Қоңырат районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған  мәжилис болып өтти.

Онда тийисли министрликлер, комитетлер, басқармалардың басшылары ҳәм районлық мәкемелер менен шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.

Атап өтилгениндей, Қоңырат районында бүгинги күнде 2022-жылы өткерилген мәжилисте  белгилеп берилген 21 тапсырманың 15 тапсырмасы орынланған. Соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дерегин жолға қойыў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылған.

Онда бир қатар ҳәким жәрдемшилери пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылған кредит қаржыларының өз ийелерине жетип барыўын жетерли дәрежеде жолға қойылмағанлығы атап өтилди. Сондай-ақ, райондағы бир қатар басшы ҳәм лаўазымлы шахсларға жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша тапсырма етип белгиленген ўазыйпалар бойынша иске түспеген жойбарларды есабатларға киргизиў жағдайлары ушыраспақта.

Мәжилисте районда киши бизнес субъектлерин иске түсириў, шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа инвестиция жойбарларын иске түсириў ҳәм басқа да баслы ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, өз жумысларын атқарыўда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығы ҳәм ўазыйпасына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын Қырық қыз посёлкалық пуқаралар жыйыны ҳәм Бердақ мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшилерине интизамый жаза шарасы қолланылды.

Мәжилисте жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, пуқаралардың дәраматының асырылыўы сыяқлы районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўға хызмет етиўши басқа да бир қатар бағдарларда жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша сектор басшылары, тийисли мәкеме, шөлкем баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилерине пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли жумысларды шөлкемлескенлик пенен орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги