Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында 26-январь – Мәмлекетлик бажыхана хызмети хызметкерлери күни мунәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Бажыхана комитети ҳәм аймақлық бажыхана басқармалары менен видеоконференцбайланыс форматында басланған илажда комитет баслығы, бажыхана хызмети генерал-майоры Акмалхожа Мавлонов бажыхана шөлкемлери жумысларының нәтийжелерине тоқтап өтти.
Илажда өткен жыллар даўамында бажыхана шөлкемлериниң өз фискал ўазыйпаларын орынлаў шеңберинде ерисилген нәтийжелери, контрабандаға қарсы гүресиў бойынша жетискенликлери, соның менен бирге бажыханашылардың халқымыздың социаллық-экономикалық турмысындағы белсендилигин инабатқа алып, кәсиплик байрамы мүнәсибети менен бир топар хызметкерлер сыйлықланды.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығының биринши орынбасары Нурабылла Бердиевке «бажыхана хызмети полковниги» және бир топар хызметкерлерге гезектеги арнаўлы шенлери салтанатлы түрде тапсырылды.
Соның менен бирге, бажыхана комитети тәрепинен быйылғы жылы дәслепки мәрте шөлкемлестирилген, ипотека кредити тийкарында турақ жай сатып алыў бойынша дәслепки төлемди төлеп бериўге субсидия ажыратыў ушын сертификатлар басқарманың 3 хызметкерине тапсырылды.
– Сондай-ақ, бир топар хызметкерлерге комитет ҳәм басқарманың ҳүрмет жарлықлары тапсырылды,-дейди бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының аға инспекторы Юлдуз Қудиярова. – Байрам илажы даўамында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери командириниң тийисли буйрығы менен тағы 3 хызметкер «Давлат хавфсизлик хизмати Чегара қўшинлари аълочиси» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Мәмлекетимиз шегараларында мудамы сергек турған бажыханашыларға қаратылып атырған итибар, әлбетте, тараў хызметкерлери ушын және де үлкен күш-қуўат бағышлап, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўге жаңаша стимул болатуғыны сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги