Нөкис «Темурийлер мектеби» әскерий-академиялық лицейинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары судьяларының қатнасыўында семинар өткерилди.

Онда  Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының баслығы Б.Досымбетов ҳәм басқалар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалар, атап айтқанда, 2022-жыл 16-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар  ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.


Семинарда нызамның мазмун-мәниси терең түсиндирилип, турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитациялаў арқалы оларға ҳуқықый, социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм басқа түрдеги жәрдемлерди көрсетиў, сондай-ақ, оларға жәмийетте енгизилген жүрис-турыс нормалары ҳәм қағыйдаларын сиңдириўге қаратылған илажлар атап өтилди. Сондай-ақ, ҳәзирги күнде ишки ислер уйымларының турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайларына жайластырыўы районлараралық ҳәкимшилик судлары тәрепинен көрип шығылмақта.

Районлараралық судлар тек республикамыздың орайларында жайласқанлығы, аймақлардың географиялық жайласыўы бир-биринен қашықлығы ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкери усы ис пенен шуғылланыўы даўамында өз хызмет орнын узақ мүддет бос қалдырып атырғанлығы себепли турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатларды көрип шығыў әмелиятын пуқараларға қолайлылық жаратыў көз-қарасынан қайта көрип шығыў зәрүрлиги келип шықпақта. Сол себепли, усы нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодексиниң турақлы жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы өтиниш хатларды көрип шығыўға байланыслы нормаларды Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм тийисли ислерди көрип шығыўды ҳәкимшилик судлардан жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судларға өткериў тәртиплери түсиндирилди.

Семинарда қатнасыўшылар тәрепинен нызамшылықтағы реформалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке, сондай-ақ, оқыўшыларға жеткериўде әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги