Усы жыл 26-январь күни Мойнақ районында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған  мәжилис болып өтти.

Онда тийисли министрликлер, комитетлер, басқармалардың басшылары ҳәм районлық мәкемелер менен шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.

Атап өтилгениндей, өткен жылы Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың жасаў жағдайын жақсылаў бойынша мәжилисте бир қанша тапсырмалар, соның ишинде, тараў ҳәм сектор басшыларына анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Соннан бүгинги күнде белгилеп берилген 15 тапсырмадан 14 тапсырма орынланған.

Усы тапсырмалар қатарында райондағы “Мойнақ ЛДСП” кәрханасының иске түсирилиўи нәтийжесинде 230 турақлы жаңа жумыс орны, район турғынларын қамыс жыйнаў жумысларына тартыў арқалы 1500 ден артық пуқараның мәўсимлик бәнтлиги тәмийинлениўи белгиленип, жойбар иске түсирилди.

Мәжилисте бүгинги күнде районда айырым мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмей атырғанлығы, соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турақлы дәрамат дереги менен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелеринде бир қатар кемшиликлерге жол қойылғанлығы сынға алынды.

2022-жылда Мойнақ районында “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” бағдарламасы тийкарында ажырытылыўы режелестирилген жеңиллетилген кредиттиң өзлестирилиўи, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жәми 9 пуқаралар жыйынында жеңиллетилген кредитлердиң толық өзлестирилиўи тәмийинленбеген.

Сондай-ақ, бағдарлама тийкарында ажыратылған кредитлерден машқалалы қарыздарлық  жүзеге келген. Районда өткен жылы жаңадан шөлкемлестириў белгиленген 11 киши бизнес субъектиниң ашылыўы тәмийинленбеген. Буннан тысқары, жаңа өнимлерди экспортқа шығарыў бойынша жумыслар қанаатландырарсыз дәрежеде алып барылған. Секторлардың, районлық қаржы ҳәм ғазнашылық бөлимлери, ҳәким жәрдемшилери, коммерциялық банк филиаллары басшылары тәрепинен киши жойбарларды қысқа мүддетте иске түсириў белгиленген еди. Бирақ, үйрениўлер даўамында айырым жойбарлардың усы күнге шекем иске түсирилмегенлиги анықланған.

Мәжилисте усы сыяқлы бир қатар кемшиликлер сынға алынды ҳәм өз жумысларына немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын Үшсай, Қызылжар ҳәм Қазақдәрья аўыл пуқаралар жыйынларындағы ҳәким жәрдемшилерине интизамый жаза шарасы қолланылды. Районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Усы күни райондағы Бозатаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан “MUYNAK LDSP” кәрханасының ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды жаңа кәрхананың иске түсиўи мүнәсибети менен қутлықлады.


Атап өтилгениндей, жаңа кәрхана ушын 50 гектар жер майданы ажыратылып, жыллық қуўатлылығы 50 мың метр куб болған жәми баҳасы 81 миллиард 208 миллион сумлық “Қамыстан ДСП ҳәм ЛДСП ислеп шығарыў” жойбары әмелге асырылды.

“Өзсанаатқурылысбанк” тәрепинен 5 миллион 402 мыӊ доллар кредит қаржысы ажыратылған жойбар тийкарында 230 турақлы, 1500 ден аслам мәўсимлик жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген. Кәрханада район пуқараларынан 70 адам жумыс пенен тәмийинленип, өз жумысын баслады.





Қарақалпақстан хабар агентлиги