«Бул Россиядан тәбийғый газди импорт етиў бойынша илажларды нәзерде тутыўшы «жол карта»сы болып есапланады. Яғный техникалық шәртлерди үйренемиз, кейин техникалық имканиятлардан келип шығып, коммерциялық баҳалар бойынша келиссек, Россиядан газ импорт етиў нәзерде тутылады.

Газ қубырға киргеннен кейин ҳәмме тутыныўшыларға – халыққа да, барлық ислеп шығарыўшы кәрханаларға да тарқатамыз. Кеше журналистлерге түсиник бердик, тийкарғы мазмунын да көрсеттик, ол жерде улыўма газ транспорт системасын меншиклестириў ямаса басқарыўға бериў деген гәп жоқ.

Алдын да, мәселен, Түркменстаннан Қытайға кететуғын газди айтқанман, Өзбекстан, Түркменстан, Қытай, Қазақстан аймағында координациялық комитет бар, техникалық имканиятлардың ҳәммесин биргеликте үйренип шығады».

ӨзА