Қырғызстанға мәмлекетлик сапар менен келген Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Ата-Бейит» миллий тарийхый-естелик комплексине барады.








Мәмлекетимиз басшысы 1916-жылғы аянышлы ўақыялардың қурбанларының естелигине бағышланған естеликке гүлшеңбер қойыўы нәзерде тутылған. Сондай-ақ, Президент жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың қәбирин де зыяратлайды.

ӨзА