Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының профессор-оқытыўшылары тәрепинен қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Тақыятас районы қәнигелестирилген мектеби муғаллимлериниң қатнасыўында «Билимлендириў системасында STEAM технологиясы» атамасында семинар-тренинг өткерилди.

Семинарда тренерлер Қ.Турманов, Г.Қанаатова, Д.Қутлымуратовалар тәрепинен билимлендириў системасында STEAM технологиясынан пайдаланыўдағы машқалалар, әмелиятта қолланылыўы, усы технологияның информациялық технологиялар менен интеграциясы мәселелери бойынша мағлыўматлар берилди.

STEAM технологиясының келип шығыў тарийхы, оның абзаллықлары, билимлендириў системасында пайдаланыў ҳәм ондағы машқалалар  бойынша  мысаллар арқалы түсиниклер берилди. Семинарда интерактив методлар жәрдеминде ҳәм әмелий сабақлар арқалы қатнасыўшылардың белсендилиги тәмийинленип, оларда тема бойынша әмелий көнликпелер пайда етиўге ҳәрекет етилди.

Әмелий сабақ формасында STEAM сабақларында информациялық тәлим ресурсларынан пайдаланыўдың абзаллықлары әмелий шынығыўлар арқалы көрсетилип өтилди.



Семинар даўамында қатнасыўшылар тема бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алып, әмелий көнликпелерге ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги