Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 25-январь күни кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық сиясатының тийкарғы мақсети жумыс орынларын көбейтиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў болып есапланады. Бул бағдардағы мәнзилли жумыслар нәтийжесинде өткен жылдың өзинде кәмбағаллық дәрежеси 17 проценттен 14 процентке түсти. 1 миллион халық кәсип-өнерге оқытылып, жумыс баслаўына жәрдемлесилип, кәмбағаллықтан алып шығылды.

Бул дәўирде 200 мыңға шамалас исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди, 10 мың кәрхананың жумысы кеңейтилди, 11 мың кәрхананың қуўатлылығы тикленди.

Бирақ айырым аймақларда немқурайдылықлар да бар. Мәселен, Наўайы, Сурхандәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында кәмбағаллықты қысқартыў көрсеткиши салыстырмалы түрде артта қалған. Бир қатар районлар менен қалаларда бәнтлик бағдараламасы имканиятлар дәрежесинде белгиленбеген.

Соның ушын мәжилисте бәнтликти тәмийинлеў ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша быйылғы режелер додаланды.

– Кәмбағаллықты қысқартыўдың тийкарғы факторы бул – халықты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў. Соның ушын ҳәкимшилик реформалар шеңберинде кәмбағаллықты қысқартыўға жуўапкер 5 уйым бир пүтин системаға айландырылды. Жаңа министрликке барлық шөлкемлестириў ҳәм қаржы имканиятлары берилди. Енди, мийнет ресурслары ҳәм жумыссызлық есабын жүргизиў де, бәнтликке жәрдемлесиў ҳәм исбилерменликти мәҳәлле кесиминде раўажландырыў да бир министрликте болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге 2023-жылғы бәнтлик бағдарламасын районлар кесиминде пуқта ислеп шығып, тастыйықлаў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы бунда итибар қаратыў зәрүр болған бағдарларды көрсетип  өтти.

Бәринен бурын, шаңарақлық исбилерменликке түртки бериў мақсетинде қаржылай жәрдем көлеми кеңейтилетуғыны атап өтилди. 2022-жылы бул мақсетке дерлик 10 триллион сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылған еди. Усы жылы шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы ушын 12 триллион сум қаратылады. Бундай кредитлердиң ең жоқары муғдары да арттырылады.

Бәнтликти тәмийинлеўде және бир үлкен дәрек бел – дийқаншылық. Еки жыл ишинде халыққа 200 мың гектардан аслам жер бөлип берилмекте. Бул – Самарқанд ўәлаятының жәми пахта ҳәм ғәлле майданынан да көп, дегени.

Бирақ, айырым жерлерде бул жумыслар шала шөлкемлестирилип атыр, егинлер плантация усылында егилмей атыр. Соның ушын Президент жерлерди халыққа қолайлы орынлардан ажыратыў, оларда базарда өтимли өнимлер жетистириў бойынша көрсетпелер берди. Бул жерлерден нәтийжели пайдаланып, 1 миллиард долларлық өним ислеп шығарыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиз басшысы халқымызға Мүрәжатында район ҳәм қалалар экономикалық имканиятларынан келип шығып, 5 категорияға ажыратылатуғынын айтқан еди.

Мәжилисте 4- ҳәм 5-категорияларға кирген районларда кәмбағаллықты қысқартыў жумыслары да жаңаша шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Оған бола, биринши басқышта «темир дәптер», «жаслар дәптери» ҳәм «ҳаял-қызлар дәптери» бир пүтин системаға бирлестирилип, ҳәр бир шаңарақтың бирден-бир санлы паспорты ислеп шығылады. Екинши басқышта оларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша индивидуал бағдарламалар дүзиледи. Үшинши басқышта шаңарақ ушын кәсип-өнерге оқытыў, исбилерменлик жойбарлары әмелге асырылады.

Сондай-ақ, мәҳәллеледе 300 микроорай шөлкемлестириў басланды. Президентимиз бундай орайларды көбейтип, жумыссыз халықтың өнерментшилик ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыўына шараят жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине Саўда-санаат палатасы менен бирге районлардың ҳәр бири бойынша исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилисте ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери аймақлардағы имканиятлар менен тәжирийбелер бойынша мәлимлеме берди.


ӨзА