Усы жыл 25-январь күни Қараөзек районын социаллық-экономикалық  жақтан раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда алда турған ўазыйпаларға бағышланған  мәжилис болып өтти.

Онда тийисли министрликлер, комитетлер, басқармалардың басшылары ҳәм районлық мәкемелер менен шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.

Атап өтилгениндей, өткен жылы районда  мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў, абадан турмысын қәлиплестириў, районның социаллық-экономикалық жағдайын көтериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге, жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер бойынша мәжилис өткерилген еди. Онда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыў бағдарында анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы мәжилис баянламасы менен өзине жүкленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынламай келген айырым лаўазымлы шахсларға интизамый жаза шаралары қолланылды. Буннан тысқары, районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында 11 бағдар, 56 бәнттен ибарат “Жол картасы” тастыйықланды. Соннан, бүгинги күнде 41 бәнтте белгиленген ўазыйпалар орынланып, қалған 15 бәнттиң орынланыўы тәмийинленбеген.

Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрь күнги қарары тийкарында Қараөзек районында 2022-2023-жылларда  мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына муўапық 5 объектте баҳасы 6 миллиард 628,2 миллион сумлық қурылыс оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген еди. Соннан бүгинги күнде бул объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары қанаатландырарсыз дәрежеде орынланған.

Мәжилисте тараўларда әмелге асырылған жумыслар бирме-бир талқыланып, артта қалыўшылық жағдайлары сынға алынды. Соның менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспорт потенциалын арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, кредит қаржыларын ажыратыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша бир қанша баслы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў тийис екенлиги атап өтилди.

Мәжилис даўамында бүгинги күнде райондағы 13 пуқаралар жыйынында аўыр шараятта жасап атырған жәрдемге мүтәж 76 шаңараққа жәрдем көрсетиў, жалғыз баслы, бағыўшысынан айырылған, көп балалы, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, бул шаңарақлардың қыстың сынаўлы күнлеринен зыянсыз шығыўын тәмийинлеў, бәҳәр басланыўы менен биринши гезекте турақ жайларын оңлап берип, турмыс машақатларын жеңиллетиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги