Нөкис районындағы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде гезектеги бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы болып өтти.
Нөкис районлық прокуратурасы, Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген бул ярмаркаға район аймағындағы мәкеме, кәрхана хәм шөлкемлер, исбилерменлик суъбектлери өзлеринде бар 85 бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Ярмарка жуўмағында 7 пуқараға бос жумыс орынларына жумысқа орналасыỹ ҳәм 2 пуқараға кәсипке кайта таярлаў орайына оқыў ушын жолламалар берилди.
Ал, 14 пуқараға болса, мийнет қатнасықларына байланыслы ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы