Соӊғы жылларда суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып киятырған реформалар – суд ҳәкимиятының еркинлигин,  сондай-ақ, судлар жумысында ашықлықты тәмийинлеў менен бир қатарда пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў имканиятын берип келмекте.

Соның менен бирге, «Жаңа Өзбекстан – жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ушын суд-ҳуқық системасын реформалаўды жеделлестириў ҳәм тараўға алдағы халықаралық стандартларды енгизиўди талап етпекте.

Сонлықтан Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл 16-январь күни «Әдил судлаўға ерисиў имканиятларын және де кеңейтиў ҳәм судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы  пәрманы қабыл етилип, усы пәрман менен «2023-2026-жылларға мөлшерленген суд системасын сапа жағынан жаӊа басқышқа алып шығыўдыӊ қысқа мүддетли стратегиясы» тастыйықланды.

Усы стратегияда судлардыӊ бир қатар тийкарғы ўазыйпалары белгиленди. Атап айтатуғын болсақ, судларда ис жүргизиўдиң сапасын арттырыў илажларын көриў, Жоқары суд инстанцияларыныӊ суд қарарларын қайта көриўде санлы технологиялардан пайдаланыў имканиятларын кеӊейтиў, халық ушын түсиникли ҳәм қолайлы,  сондай-ақ, төменги суд инстанциялары қәтелерин өз ўақтында дүзетиўге жәрдем беретуғын механизмлерди жолға қойыў, аймақларда халық санынан келип шығып, судьялық штат бирликлери санын басқышпа-басқыш көбейтип барыў белгиленбекте.

Соның менен бирге, судьялардыӊ қәнигелесиўи талап етилетуғын түрдеги ислер бойынша қәнигелестирилген судьялар корпусын кеӊейтиў илажларын көриў, Суд ислерин көриўде бирден-бир суд әмелиятын тәмийинлеў ушын зәрүр болған илажларды көриў бойынша ди ўазыйпалар көрсетилди.

Буннан тысқары, суд процесслери ҳәм суд қарарлары бойынша жәмийетшилик арасында дурыс ҳәм қалыс пикирлерди пайда етиў бойынша – судлардың жумысларына байланыслы түрли дәреклерден жәрияланған қалыс болмаған ҳәм бир тәреплеме берилген мағлыўматлар бойынша жедел  мүнәсибет билдириўди жолға қойыў белгиленбекте.

Бул ўазыйпалар пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплер арасында, әсиресе,  халық арасында судлардыӊ абырайын түсириўге қаратылған ҳәрекетлердиӊ алдын алыўға, олардыӊ судларға болған исенимин еле де күшейтиўге жәрдем береди.

Б.Досымбетов,

Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги