Қарақалпақстан Республикасындағы жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен 2022-жыл даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша бир қанша илажлар әмелге асырылған. Өткен жыл даўамында 2545 пуқараның қарсысындағы 1969  жынаят иси көрип тамамланып, алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда шахслар саны 36,0 процентке, ислер саны 32,9 процентке көбейген.

Судланған адамлардың саны 1725 ти қурап, алдынғы жылға салыстырғанда 39,1 процентке көбейген. Бул көрсеткиш Нөкис қаласы, Қоңырат, Хожели, Төрткүл, Беруний, Әмиўдарья ҳәм Шымбай районларында бир қанша артқан.

Сондай-ақ, 2022-жылда оғада аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслар 74 ти қурап, 37,8 процентке, аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслар 657  ни қурап, 32,5 процентке көбейген.

– Көрип тамамланған жынаят ислериниң 75,8 процентин қураған
1931 шахсқа жаза тайынлаў менен айыплаў ҳүкими, 7,4 процентин қураған 189 шахсқа жаза тайынланбастан айыплаў ҳүкими шығарылды. Ал, 0,8 процентин қураған 22 шахсқа шәртли жаза тайынланып, қарсысына сынақ мүддети орнатылды, 22,3 процентин қураған 569 шахстың ислери тәреплердиң жарасқанлығы ҳәм исленген жынаятлардың кем әҳмийетлилиги себепли өндиристен қысқартылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы Абылай Адилов.

Барлық инстанцияларда жәми 31 шахстың қарсысына ақлаў ҳүкимлери шығарылды.

Айыплаў ҳүкими шығарылған ислердиң 25,0 процентин қураған 431  шахсқа еркинен айырыў жазасы, 9,3 процентин қураған 161 шахсқа жәрийма, 0,9 процентин қураған 16 шахсқа мәжбүрий жәмийетлик жумыслар, 32,7 процентин қураған 564 шахсқа дүзетиў жумысы жазасы, 30,7 процентин қураған 529 шаҳсқа еркинликти шеклеў жазалары тайынланды.

Көрсеткишлери артқан жынаят түрлери таллап шығылғанда, ҳайўанатлар ямаса өсимликлер дүньясынан пайдаланыў тәртибин бузыў жынаяты 26 шахс тәрепинен исленип 84,6 процентке, тонаўшылық жынаяты 24 шахс тәрепинен исленип 83,3 процентке, намысқа тийиў жынаяты 9 шахс тәрепинен исленип
66,6 процентке, қоспашылық етиў яки зинахана сақлаў жынаяты
70 шахс тәрепинен исленип 48,5 процентке, басқалардың мүлкин өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў жынаяты 320 шахс тәрепинен исленип 48,1 процентке, алдаўшылық жынаяты 418 шахс тәрепинен исленип 39,4 процентке, нәшебентлик пенен байланыслы жынаятлар 71 шахс тәрепинен исленип 33,8 процентке, транспорт ҳәрекети қағыйдаларын бузыў жынаяты 532 шахс тәрепинен исленип 14,1 процентке, урлық жынаяты 369  шахс тәрепинен исленип 9,4 процентке көбейген.

Буннан тысқары, судлар тәрепинен өткен жыл даўамында коррупцияға байланыслы жәми 397 шахстың қарсысындағы 232 жынаят иси көрилип, бул көрсеткиш алдынғы жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 108 шахсқа яки 27,2 процентке көбейген.

Усы дәўирде коррупцияға байланыслы жынаятлардың жүз бериўиниң алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң қарсысына 149 айрықша уйғарыўлар шығарылған.

Соның менен бирге, айырым жынаят түрлери азайды.
Атап айтқанда, қастан адам өлтириў жынаяты 41,6 процентке, басқыншылық жынаяты 33,3 процентке, бийзарылық жынаяты 26,4 процентке азайды.

Бирақ өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда ҳаял-қызлар тәрепинен 345 жынаят исленип 43,7 процентке, жаслар тәрепинен 831  жынаят исленип 17,0 процентке, жас өспиримлер тәрепинен 64 жынаят исленип 45,3 процентке көбейгени ашынарлы жағдай болып есапланады.

Хаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин алдаўшылық, пара бериў, өзлестириў яки растрата жолы менен талан-тараж етиў, урлық пенен байланыслы жынаятлар қурайды. Ал, жаслар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў, урлық, алдаўшылық, бийзарылық, жас өспиримлер тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин урлық, жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жынаятлары қурайды.

Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Жаслар агентлиги менен дүзилген Меморандумларға тийкарланып Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен берилген 11, жаслар агентлиги тәрепинен берилген 9 кепиллик хатлары тийкарында судланыўшыларға еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жеңилирек жаза түрлери қолланылды.

2022-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша апелляция судлаў коллегиясында
503 шахстың қарсысындағы жынаят ислери көрип шығылып, бул көрсеткиш өткен жылға салыстарғанда 3,7 процентке көбейген.

Жынаят ислери бойынша район (қала)лық судлар тәрепинен
2022-жыл даўамында жәми 29343 шахстың қарсысына
26185 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер көрип тамамланған. Соннан, 21034 шахстың қарсысына 18816 ис бойынша ҳәкимшилик жаза шарасын қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған болса, 8309 шахстың қарсысындағы 7369 ис өндиристен қысқартылған.

Жаза тайынланып қарар шығарылған шахслардың 33,7 процентине ҲЖҳКниң 33-статьясы қолланылып, айыпланып атырған статьясы санкциясында көрсетилген жазадан жеңилирек жаза шаралары қолланылды.

Усы дәўирде көрип тамамланған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер бойынша сорастырыў уйымлары тәрепинен жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм ҳуқуқбузарлықлардың алдын алыў бойынша 1050 усыныс шығарылды.

Судлар тәрепинен көрилген жынаят ислериниң 43,1 проценти, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислердиң 38,9 проценти  көшпели суд мәжилислеринде көрилди.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен жынаятлардың себеплери ҳәм оны келтирип шығарған жағдайлар үйренилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде 1529 айрықша уйғарыўлар шығарылды ҳәм тийислилиги бойынша кәрхана, мәкеме, шөлкемлерге ҳәм басқа да өзин-өзи басқарыў уйымларына жиберилди.

Буннан тысқары, жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлерде, оқыў орынлары ҳәм халық арасында улыўма 1317 мәрте ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилген. Сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында улыўма 1185, соннан телевидениеде 192, радиода 110, газета ҳәм журналларда 97, веб-сайтларда 786 мәрте көрсетиў ҳәм еситтириўлер таярланып, мақалалар жарияланды.

2022-жыл даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен келип түскен 2521 мүрәжат үйренип шығылып, соннан 93 мүрәжат қанаатландырылды, 2420 мүрәжат ийелерине тийисли түсиниклер берилди.

Буннан тысқары, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған қәте-кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў, суд тәжирийбесин қәлиплестириў мақсетинде 163  улыўмаластырыўлар өткерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерге 159 усыныс киргизилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги