Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси жанындағы Фондтың директоры Т.Саттаров Әмиўдәрья районында болып, халықтың үй қапталы қыйтақ жерлерине хызмет көрсетиўши кәрханалардың жумысы менен танысты.
Атап айтқанда, районда жаңадан шөлкемлестирилип атырған “Жумуртов томорқа хизмат” жуўапкершилиги шекленген жәмийети негизинде 12 бағдарда қыйтақ жер кластериниң бизнес режелери ҳәм келешекте әмелге асырылатуғын жумыслары менен жақыннан танысты. Ақ алтын аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күни қыйтақ жер ийелериниң үйлеринде сақланып атырған аўыл хожалығы өнимлери, соның ишинде пияз резерви менен танысып шықты. Аймақтағы Оразбай Қиличовтың үйинде бүгинги күни 3 тонна, Махмуд Оразбаевтың үйинде 2 тонна пияз өниминиң сақланып атырғаны олардың қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланғанынан дәрек береди. Егерде барлық хожалықлар қыйтақ жерден усындай етип пайдаланғанда, азық-аўқат қәўипсизлигиниң алдын алыўға үлес қосқан болар еди.
Райондағы “Маңғыт инвест плюс” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 1 гектар майданда қурылған заманагөй ыссыхананың жумысы да көзден өткерилди. Бул жерде күнине 1,5 тонна помидор жетистирилип, ишки ҳәм сыртқы базарларға жеткерип берилмекте. Ыссыхананың жумысын еле де жетилистириў, өним түрлерин көбейтиў бойынша усыныслар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги