Елимизде балалардың ҳуқықларын, әсиресе, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балалардың ҳуқықлары, олардың еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў, социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.
Буның айқын мысалы ретинде жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-август күнги «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында» ғы ПҚ-5216 санлы қарарын айтып өтсек болады.
Усы қарар талапларына муўапық республика ҳүкимети тәрепинен арнаўлы қаржы ажыратылып, Кегейли районында дизимде турған 8 жасқа барлық қолайлықларға ийе турақ жайлар алып берилди.
Бүгин Кегейли районы ҳәкимлигинде жаңа турақ жайлардың гилтлерин өз ийелерине тапсырыў мәресими болып өтти.
Онда район ҳәкими Д.Утемуратов, район прокуроры И.Абдуллаевлар соңғы жыллары елимизде өсип киятырған жас әўлад ўәкиллери ушын жаратылып атырған кең имканиятлар менен қолайлықлар туўралы айтып өтип, жаңа турақ жай ийелерин өз үйлерине ийе болғанлығы менен қутлықлады ҳәм оларға турақ жайға ийелик етиў гүўалықлары менен гилтлерин тапсырды.
Илажда жаңа турақ жайлардың ийелери де шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған ғамқорлықлары ушын Президентимизге ҳәм район басшыларына терең миннетдаршылық билдирип, келешекте бундай қоллап-қуўатлаў ҳәм исенимди ақлайтуғын қәнигелер болып жетилисетуғынлығын айтып өтти.
Итибарлы тәрепи сонда, кегейлиши бул жаслардың барлығы да келешегинен үмит күттиретуғын жаслар болып, олардың бесеўи жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант тийкарында оқып билим алмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы