24-январь күни Өзбекстан Энергетика министрлиги ҳәм Россияның «Газпром» компаниясы арасында газ тараўында бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер өткерилди ҳәм онда Россиядан Өзбекстанға тәбийғый газ жеткерип бериўдиң техникалық имканиятлары додаланды.
Қол қойылған «жол карта»ға муўапық тәреплер арасында дүзилген Жумысшы топар Қазақстан ҳәм Өзбекстан аймағынан өтиўши «Орта Азия-Орай» газ қубыры арқалы газ транзитин әмелге асырыў ушын зәрүр болатуғын техникалық илажларды ҳәм үйрениўди келисип алды.
Жумысшы топар техникалық жақтан барлық жумысларды жуўмақлағаннан соң, тәбийғый газди жеткерип бериў бойынша тийкарғы шәртлер додаланады.
Соны айрықша атап өтиў керек, алып барылған сөйлесиўлер ҳәм «жол картасы»нда Өзбекстанның ҳәзирги газ транспорты системасына ийелик етиў ҳуқықын толық сақлаған ҳалда ишки базарға тәбийғый газ зәрүр муғдарларда жеткерип бериў мақсет етилген. Онда, газ транспорт системасының кимгедур берилиўи ямаса суверенитетимизге улыўма ҳеш қандай қәўип жоқ.
Келешекте бул бағдардағы барлық жумыслар Өзбекстанның миллий мәплерин толық қорғаған ҳалда әмелге асырылып, нәтийжелери бойынша турақлы түрде жәмийетшиллике мәлим етип барылады.
ӨзА