Соңғы жыллары елимизде халық хожалығының барлық тараўларын раўажландырыў ушын сырт елли инвесторларды тартыў ҳәм заманагөй технологияларды өндириске енгизиў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Сырт елли инвесторлардың жумыс ислеўи ушын аймақларда көплеген қолайлы шараятлар жаратылып берилмекте. Сонлықтан да, кейинги жыллары республикамызда сырт елли инвесторлар менен биргеликте көплеген кәрханалар иске түсирилип, жаңа инвестициялардың келиўи көбеймекте.

Қубла Кореяның YOUNG IN SN компаниясы да республикамызда өз жумысын жүргизиўди қәлеўши усындай сырт елли инвесторлардан бири болып табылады.

Бүгин Нөкис районы ҳәкими Өмирбай Уснатдинов  усы компания ўәкили  Ah-Ra Woo ны қабыллап , өз-ара сөйлесиўлер өткерилди.

 Қабыллаў даўамында YOUNG IN SN компаниясы тәрепинен Нөкис районында 7 млн доллар инвестиция есабынан аўыл хожалығы тараўындағы илимий-изертлеў оқыў лабораториясын шөлкемлестириў жойбары бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Сәўбетлесиў барысында район ҳәкими аймақта исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын барлық комуникация ҳәм  қолайлықлар жаратылғанлығын, олар менен бирге ислесиўге таяр екенлигин  атап өтип, инвестордың жойбары бойынша райондағы бос турған объектлер менен таныстырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы