Соның ишинде, министрликлер ҳәм уйымлардағы басшылардың орынбасарларының саны 207 ден 144 ге шекем (-63) ямаса 30 процентке қысқартылмақта.

Сондай-ақ, дәслепки есап-санақларға муўапық, 703 автотранспорт қураллары ҳәм 10 имарат босамақта.

Ҳүкиметке бойсынатуғын еркин министрликлер ҳәм уйымлар саны жәми 26 етип белгиленбекте, (олардың қурамына кирген барлық комитетлер, агентликлер ҳәм инспекциялар менен бирге жәми 69), соның ишинде:

министрликлер-21;

комитетлер –12, соннан 2 еўи ғәрезсиз статусқа ийе;

агентликлер-25, соннан 3 еўи ғәрезсиз статусқа ийе;

инспекциялар-11.

Министрлик ҳәм уйымларда хызметкерлердиң улыўма шекленген саны 56 мың 573 етип белгиленбекте.

Министрлик ҳәм уйымлардың бюджетлик емес қаржыларынан қосымша басқарыў штатларды киргизиў қатаң қадаған етилмекте.

ӨзА