Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты Ш.Өтемисов, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов Қоңырат районындағы Бәркамал әўлад балалар мектебинде Темир жол мәҳәллеси турғынлары ҳәм орай қәнигелери менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында Бәркамал әўлад балалар орайының дөгерек басшысы Ө.Есемуратовқа республикалық ҳәм халықаралық көлемде өткерилген жарысларда ерискен жоқары нәтийжелери ушын «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси тапсырылды.
Сондай-ақ, Темир жол мәкан пуқаралар жыйыны ақсақалы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшилериниң 2022-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳәм алдағы режелери бойынша есабатлары тыңланды.
Мәҳәлле хызметкерлериниң есабатлары тийкарында пикир ҳәм усыныслар билдирилди.
Буннан соң райондағы Алтынкөл посёлкалық пуқаралық жыйыны аймағында жасаўшы кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алынды.
Пуқаралардың мүрәжатлары тыңланып, оларға азық-аўқат өнимлери ҳәм қысқы кийим-кеншеклер берилди.
Соның менен бирге, Қоңырат районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 39-санлы улыўма билим бериў мектебиндеги жаратылған шараятлар үйренилип, оқыўшылар менен жақыннан сәўбетлести.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы