Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-январь күни Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисинде қатнасқан Түркия, Түркменстан, Әзербайжан, Иран сыртқы ислер министрлери сондай-ақ, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң басшыларын қабыллады.

Түркия Республикасы сыртқы ислер министри Мавлуд Чавушўғли менен ушырасыўда Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Ушырасыў алдында сыртқы ислер министри Чавушўғли Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары дәрежедеги турақлы ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер көп тәреплемели бирге ислесиўдиң жедел раўажланыўына хызмет етип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара товар алмасыў көлеми артпақта, өткен жылда 370 жаңа қоспа кәрхана шөлкемлестирилди. Еки мәмлекет арасындағы авиатасыўлар саны көбеймекте.

Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында, соның ишинде, санаат кооперациясы ҳәм локализациялаў бағдарламалары шеңберинде жаңа инвестициялық жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды. Көп тәреплеме структуралар, соның ишинде, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.

Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов пенен  2022-жылдың 14-15-июль күнлериндеги Түркменстан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапаы ҳәм 21-22-октябрь күнлериндеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң Түркменстанға рәсмий сапары даўамында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Сөйлесиў алдында министр Рашид Мередов Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Халық Мәсләҳәти Баслығы, Миллет Жетекшиси Гурбангули Бердимуҳамедовтың қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан – Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў, экономика, саўда, санаат кооперациясы, энергетика, транспорт ҳәм логистика тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, аймақлара аралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Усы жылдың биринши шерегинде бир қатар биргеликтеги илажлар – Ҳүкиметлер аралық комиссия, Суў хожалығы мәселелери бойынша биргеликтеги комиссияның гезектеги мәжилислери, сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўлер, мәдений ҳәм басқа да илажлар өткерилетуғыны атап өтилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды. Болажақ ушырасыўлардың режеси көрип шығылды.

Әзербайжан Республикасы сыртқы ислер министри Жайхун Байрамов мәмлекетимиз басшысы менен ушырасыў алдында Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң қызғын сәлеми ҳәм тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Өз-ара  саўданың артып баратырғаны, автомобильлер ислеп шығарыў, пахта-тоқымашылық ҳәм пиллешилик кластерлерин шөлкемлестириў бағдарындағы кооперациялық жойбарлардың барысы қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Буннан тысқары, нефть-газ ҳәм химия санааты бойынша ири жойбарлар ислеп шығылмақта. Биргеликтеги инвестициялық фонд шөлкемлестирилмекте.

Халықаралық ҳәм регионаллық структуралар, соның ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Қосылмаў ҳәрекети, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ҳәм илажлар режеси көрип шығылды.

Иран Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Ҳусайн Амир Абдуллаҳиён басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Иран сыртқы сиясий уйымының басшысы Өзбекстан жетекшисине Президент Ибраҳим Раисийдиң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Иран Президентиниң өткен жыл сентябрь айында Өзбекстанға әмелге асырылған рәсмий сапары даўамында ерисилген келисимлер еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратқаны атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси өз-ара сөйлесиўлердиң жеделлескени, саўданың избе-из артып баратырғаны ҳәм жетекши кәрханалардың кооперациясы күшейгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Транспорт ҳәм логистика тараўларындағы бирге ислесиўди алға қойыў, соның ишинде, Чобаҳор ҳәм Бандар-Аббос портларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Болажақ илажлар режеси көрип шығылды, халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша пикир алысылды.

Президентимиз экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Хусрав Нозирий менен регионаллық өз-ара байланыслылықты және де беккемлеў мәселелерин додалады.

Бас хаткер мәмлекетимиз басшысын Өзбекстанның Шөлкемге табыслы басшылығы менен қутлықлады. Саўда, экономика, аўыл хожалығы, энергетика, туризм ҳәм басқа бағдарларда алға қойылған әҳмийетли басламалар ҳәм өткерилген илажлар ЭБШ шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўге күшли пәт бағышлағаны атап өтилди.

Кейинги жыллары Өзбекстанның Шөлкемге ағза мәмлекетлер менен товар алмасыўы 70 процентке өскени, қоспа кәрхана ҳәм жойбарлар саны болса 5 есеге көбейгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Шөлкемниң гезектеги саммитин усы жылы ноябрь айында Ташкент қаласында өткериўге ҳәр тәреплеме таярлық көрилмекте.

Болажақ илаж күн тәртибин пуқта таярлаў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Бас хаткер Хусрав Нозирий Шөлкем секретариаты ЭБШ шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында тығыз биргеликте ислесиўге таяр екенлигин билдирди.

Мәмлекетимиз басшысының Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Бас хаткери Кубаничбек Омуралиев пенен ушырасыўында Өзбекстанның Түркий мәмлекетлер шөлкемине басшылығы шеңбериндеги тийкарғы ўазыйпалардың орынланыў барысы көрип шығылды.

Бас хаткер Шөлкемниң раўажланыўында жаңа дәўирди баслап берген тарийхый Самарқанд саммити нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Саўданы ҳәм бажыхана тәртиплерин әпиўайыластырыў, Инвестиция фондын шөлкемлестириў бойынша келисимлерге қол қойылды.

Самарқанд «Түркий цивилизация пайтахты», деп жәрияланды. Биринши мәрте Әлийшер Наўайы сыйлығы тапсырылды.

Буннан тысқары, Өзбекстан Халықаралық түркий мәденият шөлкеминиң толық ағзасы болды.

Өзбекстанның басламасы менен 2023-жыл «Түркий цивилизацияның жоқарылаў жылы», деп жәрияланғаны қанаатланыўшылық атап өтилди.

Басшылықтың институционаллық реформаны әмелге асырыў «жаңа экономикалық имканиятлар мәканын» жаратыў, транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў сыяқлы тийкарғы бағдарларына айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында Бас хаткер Шөлкем шеңбериндеги шериклик потенциалын әмелде жүзеге шығарыў мақсетинде тығыз бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.

ӨзА