Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың мирәт етиўине бола 26-27-январь күнлери мәмлекетлик сапар менен Қырғызстанда болады.

Еки мәмлекет жетекшилериниң ушырасыўлары Бишкек қаласында болып өтеди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер күн тәртибинен Өзбекстан – Қырғызстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери орын алған.

Өз-ара саўданы көбейтиў, санаат кооперациясы бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм регионаллық инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылады.

Саммит жуўмағында еки тәреплеме салмақлы ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

ӨзА