Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен мийнет ҳақысын өндириўге байланыслы орынлаў ҳүжжетлериниң өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў, әсиресе, пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклеў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, өткен жыл даўамында судлардың мийнет ҳақысын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша алып барылған илажлар даўамында 11,5 миллиард сумнан аслам мийнет ҳақылары өндирилип, 2 мың 400 ден аслам орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленди ҳәм жумысшы хызметкерлердиң бузылған ҳуқықлары тикленди.
Атап айтқанда, Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының орынлаў ҳүжжетлерине бола, қарыздар Нөкис районлық тоғай хожалығы есабынан жәми 44 пуқараға 246,4 миллион сум мийнет ҳақысын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжетлери Бюроның Нөкис районлық бөлимине келип түскен.
Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында қарыздарға тийисли барлық мүлклери, автотранспорт қураллары ҳәм банк есап бетлери хатлаўға алынды.
Алып барылған орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде белгиленген қарыздарлық толық өндирилип, өндириўшилердиң банк пластик карталарына өткерип берилген ҳәм орынлаў ҳүжжетлери тийисли тәртипте жуўмақланған.
Бул бағдардағы жумыслар басқарма ҳәм оның аймақлық бөлимлери баслықларының айрықша қадағалаўына алынған болып, олардың орынланыўын жедел тәмийинлеў илажлары көрилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги