Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде өткен жылы экономикалық тараўларда әмелге асырылған жумыслар ҳәмде 2023-жылға белгиленген тийкарғы ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барған мәжилисте 2022-жыл жуўмағы менен экономикалық көрсеткишлердиң орынланыўында жол қойылған қәте-кемшиликлер, кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, ҳәким жәрдемшилериниң жумыслары, исбилерменликти раўажландырыў,  кредитлердиң өз ўақтында қайтарылыўы ҳәм субсидиялардың ажыратылыўы, бюджетке қосымша түсимлерди әмелге асырыў, олардың дәреклерин анықлаў, базарларда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм басқада мәселелер көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, санаат тараўы бойынша 2022-жылға белгиленген прогноз көрсеткишиниң орынланыўы айырым районларда дурыс жолға қойылмағанлығы себепли өсим пәти тәмийинленбеген. Бир неше районларда өнимлерди қайта ислеўге ҳәм ислеп шығарыўға имканиятлары, шийки зат ресурслары толық жетерли болыўына қарамастан, санаат тараўында жойбарлар әмелге асырылмаған.

Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында ҳәким жәрдемшилери лаўазымы енгизилип, жаңа система жаратылды. Деген менен, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы тийкарында 2022-жылға белгиленген жеңилликли кредит қаржылары талап дәрежесинде ажыратылмай, нәтийжеде өз ийелерине жетип бармаған. Егер, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен белсендилик көрсетилип, кредит қаржылары өз ийелерине жетип барғанда жаңа жумыс орынлары жаратылып, шаңарақлар турақлы дәрамат пенен тәмийинленген болар еди.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселесинде  айырым районларда артта қалыўшылық жағдайлары ушырасып атырғанлығы атап өтилди.


Буннан тысқары, мәжилисте бюджетке түсимлерди әмелге асырыў бағдарында тийисли тараў басшылары ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен жумыслардың дурыс шөлкемлестирилмегенлиги себепли, қосымша имканиятлардан толық пайдаланылмай атырғанлығы сынға алынды. Нәтийжеде 2022-жыл басына салыстырғанда  исбилерменлик субъектлеринде ислеўшилер саны азайып кеткенлиги, ал, банк системасында кредит қарыздарлықлары елеге шекем өз ўақтында қайтарылмағанлығы атап өтилди..

Усылар менен бир қатарда, нәтийжели ҳәм белгиленген мақсетте пайдаланылмаған 55,3 гектар жер майданы елеге шекем ҳәкимликлердиң резерв фондына қайтарып алынбаған. Буннан тысқары, ҳәкимликлердиң өз балансындағы жәми 1 мың 124 көшпес мүлки усы күнге шекем мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген.

Видеоселектор мәжилисинде анықланған кемшиликлерди сапластырыў, бар машқалаларға шешим табыў, өз жумысына немқурайдылық пенен қарап атырған айырым басшылардың жумысларын үйренип шығыў ҳәм зәрүр жағдайда тийисли шаралар көриў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилис даўамында белгиленген ўазыйпалар ҳәм әмелге асырылыўы тийис жумысларды орынлаўда кемшиликлерге жол қойған ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қараған айырым район ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары менен ҳәким жәрдемшилерин интизамый жазаға тартыў мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырма берилди. Соның менен бирге, экономикалық көрсеткишлердиң орынланыўын тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменликти раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, кредитлердиң өз ўақтында қайтарылыўын тәмийинлеў ҳәм басқа да бағдарларда көрсетилген ўазыйпаларды орынлаўды тәмийинлеў бойынша режелер белгилеп алынды.




Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги